https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Нәтийжели бирге ислесиў | | Karakalpak state university

Нәтийжели бирге ислесиў

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети  шет тиллери факультети инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасына Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетиниң профессор-оқытыўшылары к.п.н.доц.  Нормурадова Валентина Ивановна ҳәм  профессор Ахмедова Лайло Толибжоновналар заманагөй тил билими ҳәм шет тилин оқытыўдың әмелий усылларын кеңнен ен жайдырыў мақсетинде келди.

Л.Ахмедова инглис тили ҳәм әдебияты бағдары бойынша  шет тиллерин оқытыў методикасы пәнинен студент-жасларымызға инглис тилин оқытыўдың соңғы инновацилық методларынан пайдаланып сабақ өтиўди,  В.Нормурадова филология ҳәм тиллерди оқытыў, лингвистика (инглис тили) бағдарлары  бойынша  тил көнликпелерин ингралласқан ҳалда оқытыў методикасы пәнинен тилди оқытыўда оқыў, жазыў, сөйлеў ҳәм тыңлаў көнликпелерин интегралласқан ҳалда жаңа метод ҳәм технологияларын пайдаланыў усылларын студент-жасларымызға уйретпекте.

Буған қосымша өз шәкиртлерине илимий питкериў жумысларын жазыўда баҳалы кеңеслерин берип, жол-жорық көрсетпекте. Сондай-ақ, студентлердиң билимин ҳәзирги заман талабына сай баҳалаў машқаласына байланыслы студентлердиң тил көнликпелерин ҳәм билимин баҳалаў, сабақ барысын анализ етиў ҳәм оқытыўға интегралласқан ҳалда қатнас темалары бойынша магистр ҳәм профессор-оқытыўшыларға илимий семинарлар өткериў жобаластырылған.

Алия Толеўбаева,

Инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасының ассистент-оқытыўшысы.

Пайдалы дереклер