https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Кёнбук Миллий университети менен келисим орнатылды | | Karakalpak state university

Кёнбук Миллий университети менен келисим орнатылды

Бүгинги күнде Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қубла Корея Республикасының жоқары оқыў орынлары ҳәм бир қанша шөлкемлери менен биргеликте тәжирийбе алмасыў ҳәм илимий-изертлеў бағдарларында бирге ислесиў жолға қойылған.

Усы жылдың 17-18-октябрь күнлери Кёнбук (Kyungpook national university) Миллий университети Жәмийетлик илимлер факультети деканы Чеймун Ли (Chaimun Lee) университетимизде мийманда болды.

Кореялы мийман халықаралық бирге ислесиў бөлими баслығы Ш.Шаниязов ҳәм шет тиллери факультети деканы Дж.Қурбанбаев тәрепинен күтип алынды.

Соң, Чеймун Ли университет ректоры А.Реймов қабыллаўында болды. Ушырасыўда Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Кёнбук Миллий университети арасында байланыс орнатыў, биргеликте илимий изертлеў жумысларын алып барыў, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлердиң билимин жетилистириў бағдарында пикир алмасылды.

Ушырасыў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша шәртнамаға қол қойылды ҳәм ҳәр жылы студентлер алмасыў бағдарында университеттиң еки студенти Кёнбук Миллий университетинде 1 ҳәм 2 семестр даўамында билимин жетилистириў бойынша келисимге келинди.

Ж.Искендеров.

Пайдалы дереклер