https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Волейбол бойынша факультет бириншилиги өткерилди | | Karakalpak state university

Волейбол бойынша факультет бириншилиги өткерилди

Усы жылдың 25-октябрь сәнесинде университеттиң биология факультетинде факультеттиң 1-курс студент-қызлары арасында спорттыӊ волейбол туринен жарыс шөлкемлестирилди.

Жарыстың өткерилиўинен тийкарғы мақсет – студентлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериў, саламатластырыў, 1-курс студент-қызлар арасында дослық қатнасықларын және де күшейтиў нәзерде тутылған.

Өткерилген жарысқа биология факультетиниӊ барлық 1-курс топарлары қатнасып, жарыс жуўмағында 1Б-биология топары қызларынан ибарат команда барлық қарсыласларынан үстем келип 1-орынды жеңип алды.

Жарыс соӊында улыўма биология ҳәм физиология кафедрасының жаслар менен бирге ислесиў бойынша кафедра баслығының орынбасары И.Арепбаев ҳам биология факультетиниң ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеминиң баслығы А.Юсуповалар шығып сойлеп, жеӊимпазларды қутлықлады ҳәм белсене қатнасқаны ушын факультет ҳаял-қызларына миннетдаршылық билдирди.

Жеӊимпазларға факультет тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

И.Арепбаев,

Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасының

 жаслар менен бирге ислесиў бойынша кафедра баслығы орынбасары.

Пайдалы дереклер