https://cbt20.fk.uns.ac.id/terbaru/https://djpen.kemendag.go.id/papamama/demo/http://ct.if.unsoed.ac.id/menang/https://ilmupolitik.uinsgd.ac.id/-/demo/https://pakbejo.jatengprov.go.id/-/demo/
«Қоршаған орталықты қорғаӯ» айлығы басланды | | Karakalpak state university

«Қоршаған орталықты қорғаӯ» айлығы басланды

Экология тараӯы алымлары көп ӯақыттан берли ескертиӯ коңыраӯлары менен бизлерге ескертиӯлер берип келмекте.

Ҳәзирги ӯақытта инсанияттың  тәбиятқа болған қатнасы флора ҳәм фауна дүньясыныӊ  түрлери жүдә кемейип кетиӯине себеп болмақта. Ең қорқынышлысы, биз күнделикли турмысымызда сондай буйымларды излетемиз, олар бир қараста көзге тасланбайды, бирақ, әне сол нәрселер тәбиятты ӯайран етеди.

Инсаният өз шаңарақ ағзалары менен тәбият қойнында дем алғанды жақсы көреди. Тоғай, тениз, көл ҳәм дәрья бойларына барып, шаңарақ ағзаларымыз ямаса дослары менен отырысларды шөлкемлестиреди. Ойын заӯық ҳәм ишип жегенлеринен соң пайда болған  шығындыларды сол табият койнына таслап кетеди. Адамларда усы бир шығынды менен ҳәмме жер патасланып қалмас ямаса кандай да бир өсимлик арасына жасырып,  буны ҳеш ким көрмесе болды деген ой-пикир пайда болады.

Бердақ атындағы Қаракалпақ мәмлекетлик университетинде ноябрь айы – «Қоршаған орталықты қорғаў» айлығы болғанлықтан биология факультетинде ноябрь айыныӊ биринши кунинен баслап ис-илажлар басланып кетти.

Усы жылдың 1-ноябрь күни улыўма биология ҳәм физиология кафедрасының студентлери де «Қоршаған орталықты қорғаў» айлығына өз үлеслерин қосты. 3-а,б,д топарларының студентлери Нөкис қаласында жайласқан «Ашшы көл»ге барып, көл әтирапында адамлар тәрепинен таслап кетилген, топырақта ширимейтуғын пластмас, пакет ҳәм шийше ыдысларды жыйнап, «Ашшы көл» әтирапыныӊ таза турыӯына өз үлеслерин қосты.

Бул истиӊ әмелге асырылыӯыныӊ себеби, «Ашшы көл»ге ҳәр жылы бәҳәрги ҳәм гүзги миграция ўақтында көплеп қуслар жыйналады, азықланады ҳәм дем алып, және өз жолын даӯам етеди. Егер көл бойлары усындай  пакет, пластмас ҳәм шийше ыдыслардан тазаланбаса, тек ғана қуслар емес, басқа да ҳайӯанлар оларды азық деп ойлап жеп ямаса сым ҳәм пакетлерге оралып қалып набыт болыӯы мүмкин. Соныӊ ушын топар басшылар Д.Қочанов, И.Арепбаев ҳәм студент-жаслар пластмас ҳәм шийше ыдысларды жыйнап, оларды арнаўлы қалташаларға салып шығынды таслайтуғын орынларға алып барып таслады.

Баршени усындай үлгили ислерге шақырып қаламыз.

Ж.Измурзаева,

Биология факультетиниң студенти.

Пайдалы дереклер