https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Тарийх факультетинде «Ҳуқуқый саўатханлық айлығы» | | Karakalpak state university

Тарийх факультетинде «Ҳуқуқый саўатханлық айлығы»

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университет тарийх факультетиниң студент-жаслары арасында «Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў минстрлиги системасында 2019-жылда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў бойынша ис-илажлар бағдарламасы»ның 13-бәнтинде белгиленген ўазыйпалар орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Ҳуқуқый саўатханлық айлығын» шөлкемлестирилди.

 Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгениниң 27 жыллығы мүнәсибети менен «Конституция өмиримиз ҳәм жәмийетимизде тутқан орны», «Сайлаў ҳәм жаслар», «Коррупциясыз тараў» атамаларында кеңнен түсиндириў илажлары алып барылмақта.

Илажға юридика факультети жаслар менен ислесиӯ бойынша декан орынбасары Ю.Абдиреймов, ҳуқықтаныӯ кафедрасы аға оқытыӯшысы Д.Сапаров, 3-курс юриспруденция қәнигелиги студенти Д.Ҳабибуллаева, 2-курс юриспруденция қәнигелиги студенти Б.Юлдашевлар өз баянатлары менен қатнасты.

Илаждан көзленген мақсет – жаслардың ҳуқықый саӯатқанлығын арттырыӯдан ибарат.

И.Елмуратов,

Факультеттиң жаслар менен ислесиӯ бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер