«Мүнәсибет» көрсетиўинде сайлаў нызамшылық мәселелери додаланды | | Karakalpak state university

«Мүнәсибет» көрсетиўинде сайлаў нызамшылық мәселелери додаланды

Қарақалпақстан телевидениеси менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы Жаслар аўқамы тәрепинен шөлкемлестирилген «Мүнәсибет» телекөрсетиўиниң 2019-жыл 11-ноябрь күни эфирге берилген «Өзбекстан Республикасында сайлаўлар процесси ҳәм оны шөлкемлестириўдиң  ҳуқықый тийкарлары» атамасындағы көрсетиўинде Қарақалпақ мәмлекетлик университети Юридика факультетиниң оқытыўшысы Аманиязова Света ҳәм факультеттиң бир топар студент жаслары қатнасты.

Оқытыўшы С.Аманиязова «Сайлаў түсиниги ҳәм оның келип шығыў тарийхы» атамасында баянат жасап, сайлаў түсиниги, түрлери, сайлаў дизими ҳаққында кең түрде тоқталып, шет ел тәжирийбелери ҳаққында мысаллар келтирип, кеңирек мағлыўматлар берди.

Сондай-ақ, студент-жаслар елимизде әмелге асырылып атырған сайлаўлардың әҳмийети, пуқаралар өмиринде тутқан орны ҳаққында нызам ҳүжжетлерине тийкарланған ҳалда өз пикирлерин билдирди.

Билдирилген пикирлер бойынша сораў-жуўаплар өткерилип, көрсетиў кең түрде талқылаўлар менен өтти.

С.Аманиязова,

Юридика факультетиниң оқытыўшысы.

Пайдалы дереклер