https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
«Коррупция ҳәм оған қарсы гүресиў» атамасында семинар шөлкемлестирилди | | Karakalpak state university

«Коррупция ҳәм оған қарсы гүресиў» атамасында семинар шөлкемлестирилди

Соңғы жыллары мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әҳмийетли шөлкемлестириў-ҳуқықый реформалар әмелге асырылды. Халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыўға, жәмийетте коррупцияға қарсы гүресиўди қәлиплестириўге қаратылған системалы илажлар көрилмекте.

Коррупция – жәмийеттиң раўажланыўына кери тәсир етип қоймастан, елимиздеги ҳәрекет етип турған нызамларға исенимсизлик, және оларға ҳүрметсизлик руўхын пайда етеди.

Соны айрықша атап өтиўимиз керек, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2019-жылдың 27-май күни қабыл етилген «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы коррупцияға қарсы гүресиў системасының нәтийжелилигин арттырыў бағдарында жаңа қәдем болды.

Бул Пәрман менен «2019-2020-жылларда коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетлик бағдарламасы» ҳәм «Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша республикалық уйымлараралық комиссиясы»ның жаңаланған қурамы тастыйықланды. Мине, усы Пәрманнан келип шыққан ҳалда, мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиўди жетилистириў мақсетинде 2019-жыл 1-августтан баслап эксперимент сыпатында дәслепки басқышта  капитал қурылыс ҳәм жоқары билимлендириў тараўында “Коррупциясыз тараў” жойбары әмелге асырылып атырған болса, ал, 2020-жылдың 1-апрелинен баслап  усы жойбар басқа тараўларға да  басқышпа-басқыш  енгизилип барылады.

Бүгин бул бағдарда белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары арасында да коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыўға қаратылган кең түрде түсиник жумыслары, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм басқа да тийисли шөлкемлер менен биргеликте ҳәр қыйлы ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери, таңлаўлар ҳәм басқа да илажлар әмелге асырылып келинбекте.

 Усындай илажлардың бири, усы жылдың 16-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Коррупция ҳәм оған қарсы гүресиў» атамасында семинар шөлкемлестирилди.

Оны университет ректоры А.Реймов басқарып барды.

Семинарда Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Академиясының профессоры Г.Маликова, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы ЭЖҚГД Қарақалпақстан Республикасы басқармасының сорастырыўшысы А.Молдахмедов, Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының судьясы А.Абдикаримов, ҚМУ доценти С.Утемуратова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде коррупцияға қарсы гүресиў, бул бағдарда халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыў, жәмийетте коррупцияға жек көриўшилик қатнас жасаўды қәлиплестириў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Илаж соңында университет көлеминде өткерилген «Коррупция – келешек ҳәм жәмийетке қәўип» атамасында болып өткен шығармалар таңлаўының жеңимпазлары сыйлықланды.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер