Усы жылдыӊ 27-ноябрь күнине шекем Қарақалпақ мǝмлекетлик университети көлеминде студент-жаслардыӊ бос ӯақытларын мазмунлы өткериӯ мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти тǝрепинен билдирилген 5 басламаның биринши басламасы болған жасларды музыка, сүӯретлеӯ өнери, ǝдебият, театр ҳǝм кѳркем ѳнердиң басқа түрлерине қызығыӯшылығын арттырыӯ мақсетинде «Мен сызған сүӯрет» атамасында көркем-өнер ҳǝм ǝмелий өнер дөретиӯшилик жумыслар таӊлаӯы өткериледи.
Таӊлаӯ атамалары:
- Қәдирият мениӊ тарийхым
- Экология(мениӊ аӯылым).
- Бүгин ҳǝм келешек.
-усы 3 теманың қәлеген биреўин ислеўи мүмкин;
Таңлаў 3 түрли номинация бойынша ѳткериледи:
- Реңли сүўрет (майлы бояў, темпера);
- Графика (акварель, гуашь);
- Скульптура, ҳәм де жергиликли материаллар(аппликация, гобелен);
Таӊлаӯды баҳалаў критериясы төмендегише:
– Сүӯрет логикасы, қатнасыӯшыныӊ дүньяқарасы, пикирлеӯ дǝрежеси ҳǝм итибарын бир жерге жǝмлей алыӯ қǝсийети;
– Сүӯреттиӊ өзине тǝн өзгешелиги, басқа сүӯретлерден ажыралып турыӯы;
Усыныс етилетуғын сүӯретлер көлеми А2 өлшем(формат)нен киши болмаӯы тийис.
– Сүӯрет мазмуны, оныӊ жоқарыдағы темалар бойынша туӯры келиӯи, оған байланыслы болғанлығын көрсетип бериў;
– Теманы ашып бериӯде реӊлерден пайдаланғанлығы дǝрежеси ҳǝм дөретиўшилердиӊ жасына сай таӊлаӯы;
Таӊлаӯда қатнасыӯды қǝлеген студентлер өзиниӊ дөретиӯшилик жумысларын өзлери тǝлим алып атырған факультеттиӊ жаслар менен ислесиӯ бойынша декан орынбасарына усы жылдыӊ 27-ноябрь күнине шекем алып келиӯи керек. Таңлаў қәнигелиги бойынша Архитектура факультетинде өз алдына, қәнигелик емес факультетлер арасында өз алдына жеңимпазлар анықланады.
Таӊлаӯ жеӊимпазлары ҳәр бир номинация бойынша 1-2-3-орын анықланады ҳәм төмендегише сыйлықланады:
I–орын 500000 сӯм ҳәм диплом
II-орын 400000 сӯм ҳәм диплом
III-орын 300000 сӯм ҳәм диплом
Таңлаўда қатнасқан дөретиўшилик жумыслар университет факультетлеринде кесте тийкарында көргизбеси шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, дөретиўшилик жумыслар университет имараты коридорларына қыстырылып қойылады.