Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы академиясының профессоры, юридика илимлериниң докторы Гульчехра Маликова юридика факультети юриспруденция қәнигелиги 1-курс студентлери ушын «Мәмлекет басқарыўда мақсет, оны режелестириў ҳәм әмелге асырыў» темасында семинар-тренинг өткерди.
Семинар-тренинг даўамында мәмлекетти басқарыўда мақсетлерди анық белгилеп қойыў, ўазыйпаларды белгилеў, пайда болатуғын машқалаларды анықлаў ҳәм оларды шешиўде басқарыўдағы дәстүрли-мақсетли усыллардан пайдаланыў, сондай-ақ, басқарыўшы дизим сыпатында «мақсетлер тереги»н дүзиў ҳаққында бир қанша қызықлы мағлыўматлар берилди.
Белгиленген тема бойынша студентлер 5 киши топарға бөлинип, ортаға қойылған мәселеге өз мақсетлер режесин ислеп шығып, тәрийиплеп берди. Студентлер тема бойынша сораўлар берип, усыныс ҳәм пикирлерин билдирди.
Ю.Абдреймов,
Факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.