https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Дыққат, таңлаў! | | Karakalpak state university

Дыққат, таңлаў!

8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 27 жыллығы мүнәсибети менен университет студентлери арасында «Конституция – еркин ҳәм пәраўан турмысымыз негизи» ураны астында шығармалар таңлаўы өткериледи.

Таңлаў критериялары төмендегише:

 -теманың мазмунын толық ашып берилгенлиги; – 10 балл

-дөретиўшилик жумыслардың стилистикалық ҳәм грамматикалық жақтан дурыс жазылғанлығы; – 10 балл

-еркин пикирлериниң анық билдирилгенлиги; – 10 балл

-теманы ашып бериўде өзине тән дөретиўшилик қәсийетлери сәўлеленгенлиги; – 10 балл

-шығарма 12 бетли дәптерде жазылыўы тийис.

 Таңлаў усы жылдың  27-ноябрь күнинен 5-декабрь күнлери аралығында өткериледи. Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер өз шығармаларын өзлери тәлим алып атырған факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасарларына бериўлери тийис.

 Таңлаўда жеңимпаз болғанлар төмендегише сыйлықланады:

1-орын 300 000 сум  ҳәм 1-дәрежели диплом,

2- орын 200 000 сум  ҳәм 2-дәрежели диплом,

3- орын 100 000 сум  ҳәм 3-дәрежели диплом.

Пайдалы дереклер