https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Конституция – бахтымыз тийкары | | Karakalpak state university

Конституция – бахтымыз тийкары

Конституция-инсанлардың ҳуқуқларын қорғаўшы, айдын келешегимиз, бахытлы ѳмиримиз тийкары болған мәмлекетлик тымсалымыз есапланады. Быйыл Конституциямыздың қабыл етилгенлигине 27 жыл толыўы мүнәсибети менен республикамыздың барлық орынларында кең кѳлемли байрам илажлары алып барылмақта.

Усы орында жақында университетимиз Мәденият сарайында Шет тиллери факултети тәрепинен усы факультет студент-жаслары қатнасыўында «Конституция бахтымыз тийкары» атамасында байрам кешеси болып ѳтти.

Илажды университет Ҳаял-қызлар шөлкеминиң баслығы И.Сейтназарова ашып берди. Буннан соң юридика факултетиниң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Ю.Абдреймов Конституция бойынша баянат жасады. Сондай-ақ, илажда шет тиллери факультетиниң илимий ислер ҳәм инновапциялар бойынша декан орынбасары Ә.Муўсаев ҳәм университет Жаслар аўқамы жетекшиси Даўран Абаданов сѳзге шықты ҳәм бир қанша университет оқытыўшы ҳәм студент-жаслары мийманда болды.

Илажды ѳткериўден тийкарғы мақсет – усы 27 жыл даўамында елимизде қандай жаңаланыўлар, қандай жетискенликлер болған болса барлығының арқасында Конституциямыздың орны айырықша екенлигин кѳрсетиў есапланады.

Илаж дауамында шет тиллери факультети студентлери атқарыўындағы ҳәр қыйлы миллетлердиң аяқ ойынлары, шайырларымыз қәлеминен дѳреген инглиз, немец, рус түркмен тиллериндеги қосықлардың әжайып етип кѳркемлеп оқылыўы, сәзенде-бақсы қызларымыз атқарыўындағы сыйқырлы намалар кешеге кѳтериңки руўх бағышлады.

Нилуфар Абдуллаева,

Шет тиллери факултетиниң студенти.

Пайдалы дереклер