https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
«Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының факультетлераралық басқышы өткерилди | | Karakalpak state university

«Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының факультетлераралық басқышы өткерилди

Усы жылдың 15-16-декабрь күнлери университет мәденият сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға сүрилген 5 әҳмийетли басламаның биринши басламасы болған жасларды музыка, сүўретлеў өнери, әдебият, театр ҳәм көркем өнердиң басқа түрлерине қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң барлық факультетлери арасында, сондай-ақ, «Қуўнақлар ҳәм зийреклер»  таңлаўында белсене қатнасып келген питириўшилерден дүзилген командалар ортасында  «Қуўнақлар ҳәм зийреклер»  таңлаўы өткерилип, жеңимпазлар анықланды.

Таңлаўға 15 факультеттен ҳәм питкериўшилерден дүзилген командалар қатнасты. Таңлаў еки күн даўамында өткерилип, 16 команда сахнада қызғын беллести. Бүгинги күнде жаслар арасында жүз берип атырған жаңалықлар менен биргеликте унамсыз жағдайларды да команда ағзалары үлкен шеберлик пенен атқарып, бәршениң кеўиллерине жоқары руўхый көтериңкилик бағышлады.

Бул таңлаў жаңа жыл алдынан өткерилиўи барлық студент-жасларға өзгеше кейпият инәм етти. Таңлаў соңында төрешилер тәрепинен төмендеги командаларға 2020-жылы 14-январь – «Ўатан қорғаўшылары күни» қарсаңында өткерилетуғын финаллық басқышқа жоллама берилди.

Питкериўшилерден дүзилген «Мастер» командасы, Биология факультети «Red-book» командасы, Қурылыс факультети «Инженеринг» командасы, Дене-маденияты факультети «Физ-вос тайгерс» командасы, Санаат-технологиясы факультети «Сан-тех» командалары таңлаўдың ең жақсы командалары деп табылды.

П.Абдиразақова,

Университет Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық

ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң методисти.

Пайдалы дереклер