https://cbt20.fk.uns.ac.id/terbaru/https://djpen.kemendag.go.id/papamama/demo/http://ct.if.unsoed.ac.id/menang/https://ilmupolitik.uinsgd.ac.id/-/demo/https://pakbejo.jatengprov.go.id/-/demo/
Университетимиз жаслары белсендилик көрсетпекте | | Karakalpak state university

Университетимиз жаслары белсендилик көрсетпекте

Бәршеӊиздиӊ хабарыӊыз бар, 2019-жылдыӊ 30-декабрь күни республикамыз жасларының Арал теңизиниң қурыған ултанында жасыл тоғайзарлық пайда етиў жумысларына қатнасып атырған жумысшылар менен ушырасыўы болып өтти ҳәм бул илажға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ студент-жаслары да бәрше жаслар қатары белсендилик пенен қатнасып қайтты.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басламасы менен келешегимиз болған жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, экологиялық  шараятта жасап атырған халықтың турмыс шараятларын буннан былай да жақсылаў, теңиздиң қурыўы менен жүзеге келген экологиялық жағдайды жумсартыў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Президентимиз Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме технологиялары мектебинде жаслар менен ушырасыўда бүгинги күнде барлық тараўларда билимли, сиясий ҳәм жәмийетлик жумысларда белсенди, халықтың мәпин өзиниң жеке мәпинен үстин қоятуғын, ҳадал ҳәм пидайы жас басшыларға айрықша итибар қаратқан еди. Теңиздиң ески ултанында бул ушырасыўды шөлкемлестириўден мақсет – усы жумыслар менен жасларды жақыннан таныстырыў, солай етип, олардың туўылған жерге болған сүйиспеншилигин арттырыў, бундай ийгиликли ислерге белсендилигин арттырыў болып табылады.

Президентимиздиң 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстанға сапары даўамында Аралбойын социаллық-экономикалық жақтан буннан былай да раўажландырыў, халқымыздың бахытлы және абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылатуғын жойбарлар менен бир қатар да 2019-2021-жылларда Арал теңизиниң қурыған ултанында 500 мың гектар майданға шөлге шыдамлы өсимликлерди егиў, солай етип, жасыл тоғайлар пайда етиў ўазыйпасын белгилеп берген еди. Өткен мәўсимде 1 миллион 125 мың гектарға шамалас жер майданы таярланып, 500 мың гектарға сексеўил, қандим ҳәм басқа да шөлге шыдамлы өсимликлер егилген болса, быйылғы жылы 700 мың гектарға егиў режелестирилмекте.

Өз гезегинде жасларымыз шығып сөйлеп, өзлерине билдирилип атырған үлкен исенимди пидайы мийнетлери менен ақлайтуғынлығын, Арал теңизиниң қурып барыўы ақыбетинде жүзеге келген экологиялық жағдайды жумсартыў, қоршаған орталықты қорғаў және теңиз ултанынан дузлы шаң-тозаңлар көтерилиўиниң алдын алыў мақсетинде шөлге шыдамлы өсимликлер егиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға белсене қатнасатуғынлығын билдирди.

Арал теңизиниң ески ултанында пидайылық мийнеттиң үлгисин көрсетип атырған бир топар жасларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Буннан кейин жаслар өткен жылы егилген сексеўиллердиң өсип раўажланыў барысы менен танысты. Ҳәр қыйлы техникалар ҳәм самолётлар жәрдеминде егилип атырған жумыслардың тиккелей қатнасыўшысы болды.

* * *

Бул илажлардыӊ даўамы ретинде, усы жылдыӊ 4-январь күни пайтахтымызда жайласқан «Жаслар орайы»нда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов ҳәм басқа да тараў басшылары жаслар менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ бир топар белсенди студент-жаслары да қатнасты.
Илажда Т.Худайбергенов бүгинги күнде Мойнақ районында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында ҳәр тәреплеме тоқтап өтти хәм Мойнақта еткен сапары бойынша видео ҳәм фотосүўретлерин көрсетип, жасларды Аралдыӊ қурыған ултанында тоғайзарлық пайда етиўде белсендилик көрсетиўге шақырып қалды.
Сондай-ақ, усы жылдыӊ 10-январь күни болып өтетуғын Халықаралық пресс-клубта қарақалпақстанлы жаслар Мойнақ районындағы жумыслар ҳаққында кеннен тоқтап өтиў кереклиги айтылды.
Ашық сәўбетлесиў тәризинде өткен ушырасыўда жаслар өзлериниӊ пикир ҳәм усынысларын билдирип өтти.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер