https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
#Бес_баслама_бес_имканият  КИТАПҚУМАРЛЫҚТЫ КЕҢНЕН ҮГИТ-НӘСИЯТЛАЎ ИЛАЖЫ | | Karakalpak state university

#Бес_баслама_бес_имканият  КИТАПҚУМАРЛЫҚТЫ КЕҢНЕН ҮГИТ-НӘСИЯТЛАЎ ИЛАЖЫ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәлимлеме-ресурс орайында «Бес баслама – бес имканият» шеңберинде университеттиң «Китапқумарлар» клубы ағзалары тәрепинен «Ағартыўшылыққа жол» атамасында илаж шөлкемлестирилди.

Бунда тийкарынан студент-жаслар ушын китаплар көргизбеси болып өтти. Көргизбеден соң студентлер арасында «Заковат» интеллектуал ойыны өткерилди.

Президентимиздиң жаслардың мәнаўиятын жоқарылатыў, олардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша илгери сүрген 5 әҳмийетли басламасының төртинши басламасы – жаслар мәнаўиятын жоқарылатыў, олардың арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша системалы жумысларды шөлкемлестириўге бағдарланған.

Мине, усы баслама тийкарында өткерилген илаж студент-жасларда өзгеше тәсирлер қалдырды.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер