https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
#Хош_хабар  ҚМУ студенти Ж.Бердимуратов Азия чемпионатының жеңимпазы | | Karakalpak state university

#Хош_хабар  ҚМУ студенти Ж.Бердимуратов Азия чемпионатының жеңимпазы

Хабарыңыз бар, усы жылдың 18-23-февраль күнлери аралығында Ҳиндстанның Нью-Дели қаласында спорт гүреслери бойынша үлкен жастағылар арасында Азия чемпионаты болып өтеди.

Қуўанышлы тәрепи, 19-февраль күни бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы қурамында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Жалғасбай Бердимуратов -82 килограмм салмақта гилемге шықты.

Ж.Бердимуратов бронза медалы ушын болған беллесиўде қазақстанлы палўан Евгений Поливадовты 8:2 есабында жеңип шығып, Азия чемпионатының бронза медалын қолға киргизди.

Биз де өз гезегинде Жалғасбай Бердимуратовқа алдағы жарысларында еле де елимиз байрағын көтере бериўин тилеп қаламыз.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер