https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
ЖАСЛАРДЫҢ СТАРТАП ЖОЙБАРЛАРЫ ФОРУМЫ | | Karakalpak state university

ЖАСЛАРДЫҢ СТАРТАП ЖОЙБАРЛАРЫ ФОРУМЫ

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында Қарақалпақстан Республикасындағы барлық жоқары оқыў орынларының студент-жаслары қатнасыўында жаслардың инновациялық, илимий ҳәм социаллық салаларға жаңа жойбар ҳәм идеяларын әмелий жақтан енгизиў, соның менен бирге, жәмийетте коррупцияға қарсы гүресиў, жасырын экономиканы сапластырыўға қаратылған “стартап” жойбарларды реализация етиўге қаратылған “Жаслардың Стартап жойбарлары форумы” шөлкемлестирилди.

Форум Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў Департаментиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Өзбекстан жаслар Аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген болып, бул форумды өткериўден тийкарғы мақсет жаслардың инновациялық ҳәм бизнес идеяларын үйрениў, оларда инновациялық изертлеўлер алып барыў көнликпелерин пайда етиў, бул бағдарда тийисли жоқары оқыў орынларының студент жаслары ортасында өз-ара байланыс ҳәм тәжирийбе алмасыўды еледе арттырыў болып есапланады.

Форумды университет ректоры, профессор А.Реймов ашып берди. Форумда Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў Департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары А.Ибрагимов, региондағы жоқары оқыў орынларының басшы ҳәм жуўапкер хызметкерлери, профессор-оқытыўшылар жәмәәти ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Форум шеңберинде студент-жаслар тәрепинен жаратылған ҳәр қыйлы бағдардағы “стартап” жойбарлар, инновациялық исленбелер илаж қатнасыўшыларының итибарына усынылды.

Форум жоқары шөлкемлескенлик пенен өткерилди ҳәм форум соңында студент-жаслар тиккелей “стартап” жойбарларын таярлаў, оны әмелиятқа енгизиў барысында өзлериниң қызықтырған сораўларын берди ҳәм бул сораўларға форум шөлкемлестириўшилери тәрепинен тийисли жуўаплар берилди.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер