https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
УНИВЕРСИТЕТТЕ БАЙРАМ КЕШЕСИ | | Karakalpak state university

УНИВЕРСИТЕТТЕ БАЙРАМ КЕШЕСИ

Өзиниң меҳрибанлығы менен ҳәр бир шаңарақты – шаңарақ ететуғын, оған қут-берекет дарытатуғын, перзентлериниң жүрегине өз Ана журтына садықлық сезимлерин сиңдиретуғын ҳаял-қызларымыздың бийтәкирар пазыйлетлери ҳаққында қанша көп айтсақ та арзыйды.

Бәҳәр паслының туңғыш байрамы, өзинде бәрше гөззал туйғыларды жәмлеген әжайып әййям – «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы бүгин пүткил республикамыз бойлап кең түрде белгиленбекте.

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде де бул байрам көтериңкилик руўхта болып өтти. Байрам кешесинде ҚМУ ректоры, профессор А.Реймов, профессорлар А.Матчанов, М.Жумамуратовалар шығып сөйлеп, бәрше ҳаял-қызларды байрам менен қутлықлады.

Ҳақыйқатында да, нешше мың жыллар, ҳәтте, әсирлер бойы, ҳаял – садықлық ҳәм муҳаббат, сабыр ҳәм қанаат, мәртлик ҳәм ер жүреклик ийеси сыпатында дүньяны таң қалдырып келген. Тарийх бетлерине нәзер тасласақ, не-не саўаш майданларында жаўға қарсы, ҳәтте, ерлер менен бир сапта турғанлығының гүўасы боламыз. Сондай-ақ, өзиниң мәртлиги, өткир зейини, терең билими ҳәм илими  менен пүткил мәмлекетти басқарған ҳаял-қызларымыз бенен де мақтаныш ете аламыз.

Илажда университетте мийнет етип атырған бир қатар ҳаял-қызлар «Ҳүрмет жарлық» ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Байрам кешеси республикамызға белгили көркем өнер шеберлериниң ҳәм университеттиң «Ҳүрлиман» халық ансамбли тәрепинен таярланған концерт бағдарламалары менен даўам етти.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

   

Пайдалы дереклер