https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
«ЗУЛЬФИЯ»ШЫ ҚЫЗЛАР МҮНӘСИП КҮТИП АЛЫНДЫ | | Karakalpak state university

«ЗУЛЬФИЯ»ШЫ ҚЫЗЛАР МҮНӘСИП КҮТИП АЛЫНДЫ

Хабарыңыз бар, 8-март – «Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы қарсаңында Президентимиз тәрепинен елимизде жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған қызлар ушын Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлығы берилген еди.

Быйылғы бул сыйлыққа ерискенлер қатарында 2 қыздың университетимизден екенлиги бул университет жәмәәтин шексиз қуўанышқа бөледи.

Яғный, сыйлыққа ерискен қарақалпақстанлы қызлар ишинде – ҚМУ лингвистика: инглис тили қәнигелигиниң 1-курс магистранты Назокат Ибрагимова болса, ал, хорезмли қызлар ишинде бул сыйлыққа ерискен Назокат Шарипбаева университетимиздиң өзбек филологиясы факультетиниң 3-курс студенти есапланады.

Өткен күни Нөкис халықаралық аэропортында усы сыйлыққа ерискен қызлар салтанатлы тәризде күтип алынды.

Илажда ҚМУ ректоры, профессор А.Реймов, НМПИ ректоры Б.Утемуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, сыйлыққа ерискен қызларды, олардың ата-аналарын, жақынларын ҳәм де устазларын жетискенликлери менен қутлықлады.

Биз де өз гезегинде қызларымыздың ерискен табыслары менен қутлықлап, оқыўларында табыслар тилеп қаламыз.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер