https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
#Рәсмий_хабар Бердақ атындағы ҚМУда тәлим алып атырған бәрше студентлер дыққатына!!! | | Karakalpak state university

#Рәсмий_хабар Бердақ атындағы ҚМУда тәлим алып атырған бәрше студентлер дыққатына!!!

Бүгин, 15-март күни Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов коронавирус инфекциясының кирип келиўиниң алдын алыў бойынша илажларды күшейтиў мақсетинде жыйналыс өткерди.

Жыйналыста белгиленгениндей, Өзбекстан Республикасында карантин жәрияланыўына байланыслы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде тәлим алып атырған бәрше (күндизги, кешки, сыртқы, магистратура) студентлер ушын 2020-жыл 16-март сәнесинен баслап 2 ҳәптелик дем алыс белгиленгенлигин мәлим етип билдиремиз.

Студентлердиң интизам ҳәм қәўипсизлик қағыйдаларына әмел еткен ҳалда өз үйлерине, ата-аналары жанына қайтыўын сораймыз.
Коронавирус инфекциясының алдын алыў бойынша барлық тийисли илажлар алып барылмақта. Сонлықтан да, бул жағдай бойынша ҳеш қандай қәўетерге түспеўин сорап қаламыз.

Қосымша мағлыўматлар университет веб-сайты, факультет деканатлары ҳәм топар басшылары арқалы берилип барылады.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер