https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
#Үйде_қалыӊ    ПРЕЗИДЕНТ БАСЛАМАСЫ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАНБАҚТА | | Karakalpak state university

#Үйде_қалыӊ    ПРЕЗИДЕНТ БАСЛАМАСЫ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАНБАҚТА

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы жылдыӊ 20-апрель күни санаат, қурылыс ҳәм инфраструктура тармақлары кәрханаларының толық жумыс ислеўин тәмийинлеў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилисин өткерди.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў мәселесине айрықша тоқтап өтти. Ўақтынша жумыс ислемей атырған ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларды анықлап, оларды мәнзилли түрде азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеў көлемин және де кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Ҳәзирги пандемия шараятында жумыссызлар, жәрдемге мүтәж халық санының артыўы тәбийғый. Түрли мәмлекетлер кеселликке қарсы гүресиў менен бирге жумыс орынларын сақлап қалыў ҳәм экономика кескин кризиске ушырамаўы ушын бар имканиятларды иске қоспақта.

Сол себепли, Президентимиз бул мәжилисте халқымыздың тарийхый ҳәм руўхый қәдириятларын, мийрим-шәпәәт, ақыбет ҳәм жақсылық сыяқлы жоқары пазыйлетлерин есапқа алған ҳалда, «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекетин жолға қойыў басламасын алға қойды.

Мине, Президентимиздиӊ бул басламмасын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәти де қоллап-қуатлап келмекте.

Бүгин университеттиӊ математика факультетиниӊ бир топар профессор-оқытыўшылары студентлер турар жайында болып, бул жердеги шет елли студент-жаслардыӊ жағдайларынан хабар алды. Оларға күнделикли мүтәжликлери ушын керекли болған азық-аўқат өнимлери жеткерип берилди.

Әлбетте, бундай саўаплы ислер буннан былай да даўам ете береди.

И.Алламбергенов,

ҚМУ математика факультети жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер