https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
«Сақаўат ҳәм жәрдем» илажлары даўам етпекте… | | Karakalpak state university

«Сақаўат ҳәм жәрдем» илажлары даўам етпекте…

Қайырқомлық көрсетиў, сақыйлық сыяқлы ийгиликли илажлар кеўиллеримизге жыллылық бағышлап, басқаларға пайдамыздың тийип атырғанынан қуўанышқа бөленемиз. Әсиресе, бүгинги күндеги карантин ўақтында  көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы жылдыӊ 20-апрель күни санаат, қурылыс ҳәм инфраструктура тармақлары кәрханаларының толық жумыс ислеўин тәмийинлеў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилисинде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў мәселесине айрықша тоқтап өткен еди.

Президентимиз бул мәжилисте халқымыздың тарийхый ҳәм руўхый қәдириятларын, мийрим-шәпәәт, ақыбет ҳәм жақсылық сыяқлы жоқары пазыйлетлерин есапқа алған ҳалда, «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекетин жолға қойыў басламасын алға қойды.

Университетимиздиң Санаат технологиясы факультети жәмәәти де Президентимиздиӊ бул басламасын қоллап-қуўатлаған ҳалда усы жылдыӊ 6-май сәнесинде студентлер турар жайында болып, бул жердеги шет елли студент-жаслардыӊ жағдайларынан хабар алды. Ол жерде студентлердиң карантин дәўириндеги ҳал-аўҳалы, шараятларынан хабар алынып, факультет жәмәәти тәрепинен әмелий жәрдем көрсетилип, оларға күнделикли мүтәжликлери ушын азық-аўқат өнимлери жеткерип берилди.

Бундай қайыр-сақаўат жәрдемлерин көрсетиўдиң әйне мүбәрек Рамазан айында әмелге асырылыўы және де қайырлы болып табылады.

Ш.Мусиров,

Санаат технологиясы факультети жаслар

 менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер