https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Глобалласыў процесинде ғалаба хабар қуралларының роли» атамасында халықаралық илимий-әмелий онлайн конференциясы өткериледи | | Karakalpak state university

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Глобалласыў процесинде ғалаба хабар қуралларының роли» атамасында халықаралық илимий-әмелий онлайн конференциясы өткериледи

Конференция төмендеги бағдарларды қамтыйды:

•Глобалласыў ҳәм информация тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары;
•Глобалласыў шәриятында ҒХҚның ўазыйпалары;
•Ғалаба хабар қуралларында информация қәўипсизлиги мәселелери;
•Жаслардың руўхый мәдениятын қәлиплестириўде ғалаба хабар қуралларының орны;
•Веб-сайтлар арқалы жаслардың жәмийетлик, сиясый, мәдений, экономикалық билимлерин асырыў жоллары;
•Ғалаба хабар қуралларының әдебий тилден пайдаланыў мәселелери;
•Социаллық тармақлардың жаслардың көз-қарасларын қәлиплестириўге тәсири;
•Глобал тармақларда информация қәўипсизлигин тәмийинлеў усыллары;
•Журналистлик этика ҳәм журналистлик ҳуқық мәселелери.

Конференция материалларын электрон топлам етип таярлаў нәзерде тутылған. Мақалалар – 2020-жылдың 10-май сәнесине шекем қабыл етиледи.

Конференцияға Zoom программасы арқалы онлайн түрде қатнасыў ушын 2020-жыл 26-май саат 10:00 де төмендеги силтеме арқалы өтиўиңиз мүмкин.
? https://us04web.zoom.us/j/72330151404?pwd=Z0NRa01vNDk1ZHp3Y1NOc2l1L3dhZz09

Конференция идентификаторы: 723 3015 1404 Пароль: 028827

Шөлкемлестириў комитетиниң мәнзили: Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси 1-жай

Жуўапкерлер: З.Оразымбетова (91) 386-07-49, Ҳ.Атажанов (93) 485-68-55

E-mail: Zlixa4@mail.ru; djuma2008@mail.ru; hurmet_05@mail.ru;

Пайдалы дереклер