|
|
Мәмлекетимизде 1997-жыл 29-августта билимлендириў тараўын дүнья стандартлары дәрежесине жеткериў мақсетинде Өзбекстан Республикасының «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамы ҳǝм де «Кадрлар таярлаўдың миллий бағдарламасы» қабыл етилди. Усы ǝҳмийетли ҳүжжетлерге муўапық, 1999-жылдан баслап Өзбекстан Республикасындағы бир қатар алдыңғы жоқары оқыў орынларында билим бериўдиң екинши басқышы – магистратура қǝнигеликлери бойынша кадрлар таярлаўға кирисилди.
Усы дǝўирден баслап университетимизде магистратура қәнигеликлери ашылды.
2001-жылдан баслап арнаўлы магистратура факультети шөлкемлестирилип, оған тǝжирийбели профессор-оқытыўшылар басшылық етти (профессор С.Қосбергенов 2001-2004 жж., профессор Ш.Абдиназимов 2004-2005 жж.). Магистратура қǝнигеликлерин жетилистириў ҳǝм де бул бағдардағы илимий потенциалды күшейтиў мақсетинде магистратура факультети арнаўлы бөлимге айландырылды. Бөлимге профессор М.Тагаев (2007-2009 жж.), профессор Е.Қутыбаевалар (2010-2012 жж.) басшылық етти. Ҳәзирги ўақытта бөлимге юридика илимлериниң кандидаты, доцент Аманлық Гулимов басшылық етеди. Методист Бегис Боранбаев бөлимниң улыўма хызметлерин шөлкемлестириў жумыслары менен шуғылланады.
2017-2018 оқыў жылында магистратура бөлиминде 22 қәнигелик бойынша магистрантлар қабылланған болса, 2018-2019 оқыў жылынан баслап 24 қәнигелик бойынша магистрлар таярлаўда тǝжирийбели профессор-оқытыўшылар билим сырларын үйретпекте.
Бөлимде оқып, илим-изертлеў жумысларын алып барып атырған магистрантлар билим алыўда, илимий изленислерде бир қатар табысларды қолға киргизиў менен бир қатарда, университетимиздиң жәмийетлик жумысларына да белсене қатнасып келмекте.
Мысалы, 2008-2009 оқыў жылында Ташкент қаласында өткерилген питкериўши магистрантлардың «Ең жақсы магистрлик диссертация» таңлаўында университетимизден 5 магистранттың диссертациясы биринши орынға ылайық деп табылды.
Магистратура қǝнигеликлери бойынша талантлы ҳǝм де илимге уқыплы жаслардың ǝдалатлы таңлап алыныўы өзиниң нǝтийжесин бермекте. Зийрек магистрантларымыз оқыўдағы, илимдеги, мәденият ҳǝм спорттағы жетискенликлери менен университетимиздиң мақтанышына айланбақта.
Айтмуратов Ринат 2010-жылы, Алдабергенов Исатай 2012-жылы, Эгамбердиев Эдуард 2014-жылы, Палымбетова Малика ҳǝм Сейтназарова Гүлжаханлар 2016-жылы, Бектурсынова Айсултан 2017-жылы(2-мǝрте), Айымбетова Замира 2018-жылы Президент стипендиясына мүнәсип деп табылды, Жолдасбаев Парахат 2015-жылы Өзбекстан көкирек нышаны белгиси ийеси, Якубов Розымбай, Кенжебаева Гүлнур, Жумамуратова Муҳаббат, Зарымбетов Абдикамал, Алеуова Раушанай, Мамбетназаров Генжемурат, Кутлымуратова Насиба, Қалилаева Бахытлы, Қутлымуратов Мухамммед, Бегжанова Гулзада, Сейтжанова Луиза, Раджапова Сарвинисолар «Наўайы» атындағы мǝмлекетлик стипендия ийелерине айланды, Шамишова Айшолпан, Узақбаев Қоблан, Арепбаев Ислам, Оразова Шахноза, Бектурсынова Дилнура, Абдреймова Гулноза «Улығбек» атындағы стипендия жеңимпазлары болған болса, Мамбетназаров Ислам «Мард уғлон» мǝмлекетлик сыйлығына миясар деп табылды.
Арзиев Руслан Арысланбаевич 2008-жылы «Ақшакөл илҳамлары», «Замин» республикалық дөретиўши жаслар таңлаўында 1-орынды ийелеўге еристи, ол спорттың «Каратэ-до» түри бойынша 2009, 2010, 2011-жылларда Өзбекстан чемпионаты жеңимпазы болды. Сондай-ақ, Ахымбетова Гүлбәҳәр, Мамбетрзаева Несибели, Алиева Замира ҳәм Оразымбетова Айшолпанлар «Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары, Махаматдинова Лола «Келешек ҳаўазы», «Иқтидорли талабалар» ҳәм «Ниҳол» сыйлықларының жеңимпазы, Қутлымуратов Анвар, Маткаримова Сәрбиназ, Төрешова Сарбиназ, Ахмедова Зулхумор, Реймбаева Зухра, Қурбанбаева Насибалар Бердақ атындағы мǝмлекетлик стипендия ҳәм «Иқтидорли талабалар» таңлаўы жеңимпазлары болды. Олар бизиң мақтанышымыз.
Ҳәр қандай мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўы белгили дәрежеде оның интеллектуал потенциалы менен белгиленеди. Ал, илимий потенциалы күшли мǝмлекетти пүткил дүнья тǝн алады. Бул бағдары бойынша университетимиздиң профессор-оқытыўшылары өзлериниң күш жигерин аямайды.
№ |
Қәнигеликлер шифры |
Қәнигеликлер |
|
1 |
5А111601 |
Социаллық-гуманитар пәнлерди оқытыў методикасы (мәнәўият тийкарлары) |
|
2 |
5A112001 |
Физикалық тәрбия ҳәм спорт шынығыўларының теориясы ҳәм методикасы |
|
3 |
5A120101 |
Әдебияттаныў (өзбек әдебияты) |
|
4 |
5A120101 |
Әдебияттаныў (қарақалпақ әдебияты) |
|
5 |
5А120102 |
Лингвистика: өзбек тили |
|
6 |
5А120102 |
Лингвистика: қарақалпақ тили |
|
7 |
5А120102 |
Лингвистика: рус тили |
|
8 |
5А120102 |
Лингвистика: инглис тили |
|
9 |
5A120301 |
Өзбекистан тарийхы |
|
10 |
5A120401 |
Археология |
|
11 |
5А120502 |
Философия (қолланыў тараўы) |
|
12 |
5A130101 |
Математика (бағдарлар бойынша) |
|
13 |
5А130103 |
Дифференциал теӊлемелер ҳәм математикалық физика |
|
14 |
5A130202 |
Әмелий математика ҳәм информациялық технологиялар |
|
15 |
5A140101 |
Биология (илим бағдарлары бойынша) |
|
16 |
5A140103 |
Ихтиология ҳәм гидробиология |
|
17 |
5A140204 |
Конденсацияланған орталықлар физикасы ҳәм материалтаныў (түрлер бойынша) |
|
18 |
5A140501 |
Химия (илим бағдарлары бойынша) |
|
19 |
5A140602 |
География (үйрениў объектлери бойынша) |
|
20 |
5A220101 |
Журналистика (хызмет түрлери бойынша) |
|
21 |
5A230102 |
Экономика (тармақлар ҳәм тараўлар бойынша) |
|
22 |
5A230901 |
Бухгалтериялық есап (тармақлар бойынша) |
|
23 |
5A240101 |
Мәмлекетлик ҳуқық ҳәм басқарыў (тараўлар бойынша) |
|
24 |
5A630102 |
Экология (тармақлар бойынша) |