Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Экономика факультети 2020-жыл 10-апрель күни «Арал бойы халықлары турмысы абаданлығын асырыўда инвестициялық тартымлылықтың әҳмийети» темасындағы республикалық илимий-әмелий конференция өткерилиўи шөлкемлестирилмекте.
Конференцияда төмендеги секциялар бойынша машқалалар додаланыўы режелестирилмекте:
1-секция. Экономикада инвестициялық тартымлылықты асырыў ҳәм инвестиция хәрекетин басқарыў механизмин жетилистириў;
2-секция. Туристлик хызметлер тараўында инвестициялық белсендиликти асырыўдың үстинли жөнелислери;
3-секция. Санлы экономикаға өтиў дәўиринде инвестициялық ҳәм инновациялық хызметлерди нәтийжели қаржыландырыўды жетилистириў;
4-секция. Санлы экономика орталығында бухгалтериялық есап, анализ ҳәм аудитти жетилистириў мәселелери;
5-секция. Арал бойы аймағында хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыўда инвестициялардың тәсири;
Усынылып атырған илимий мақалаларды рәсмийлестириў тәртиби:
- Усынылып атырған илимий мақала МS Word 2003, 2007, 2010 форматлары, Times New Roman шрифти, 14 кегел үлкенликте, 1,5 интерваллы қатарда жазылады.
- Қағаз форматы А4 (210х297 мм), жоқарыдан ҳәм төменнен 2,0 см, шептен 3,0 см ҳәмде оңнан 1,5 см жай қалдырылады.
- Мақалалар қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде, 3 (толық) беттен кем болмаған, 5 бетке шекем усыныс етилиўи шәрт.
- Автордың толық исми шәрипи, оның илимий дәрежеси, атағы, жумыс орны ҳәм лаўазымы биринши беттиң жоқарғы бөлегинде оң тәрепинде көрсетиледи.
- Мақаланың электрон ҳәм (мүмкин болғанша) қағаз варианты шөлкемлестириў комитетине тапсырылады.
Конференция материаллары топламы авторлары есабынан басып шығарылыўы себепли, мақаланың ҳәр бир бети ушын 12 000 сўм төленеди.
Тапсырыў мүддети: Конференцияға илимий мақалалар тезислери 2020-жылдың 5-апрелине шекем тапсырылыўы зәрүр.
Мәнзил: Қарақалпақстан Республикасы, Нөкис қаласы, академик Ч.Абдиров көшеси, 1 үй. ҚМУ, Экономика факультети.
Е-mail: Kishibay84@mail.ru яки телеграмм +99891 305-00-25
Мүрәжат ушын телефон:(8 361) 226-17-66, 91 393 94 63 яки +99891 305-00-25
Жуўапкер: Қудияров Кишибай Раматуллаевич