Хабарландырыў хаты | | Karakalpak state university

Хабарландырыў хаты

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Экономика факультети 2020-жыл 10-апрель күни «Арал бойы халықлары турмысы абаданлығын асырыўда инвестициялық тартымлылықтың әҳмийети» темасындағы республикалық илимий-әмелий конференция өткерилиўи шөлкемлестирилмекте.

Конференцияда төмендеги секциялар бойынша машқалалар додаланыўы режелестирилмекте:

1-секция. Экономикада инвестициялық тартымлылықты асырыў ҳәм инвестиция хәрекетин басқарыў механизмин жетилистириў;

2-секция. Туристлик хызметлер тараўында инвестициялық белсендиликти асырыўдың үстинли жөнелислери;

3-секция. Санлы экономикаға өтиў дәўиринде инвестициялық ҳәм инновациялық хызметлерди нәтийжели қаржыландырыўды жетилистириў;

4-секция. Санлы экономика орталығында бухгалтериялық есап, анализ ҳәм аудитти жетилистириў мәселелери;

5-секция. Арал бойы аймағында хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыўда инвестициялардың тәсири;

Усынылып атырған илимий мақалаларды рәсмийлестириў тәртиби:

  1. Усынылып атырған илимий мақала МS Word 2003, 2007, 2010 форматлары, Times New Roman шрифти, 14 кегел үлкенликте, 1,5 интерваллы қатарда жазылады.
  2. Қағаз форматы А4 (210х297 мм), жоқарыдан ҳәм төменнен 2,0 см, шептен 3,0 см ҳәмде оңнан 1,5 см жай қалдырылады.
  3. Мақалалар қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде, 3 (толық) беттен кем болмаған, 5 бетке шекем усыныс етилиўи шәрт.
  4. Автордың толық исми шәрипи, оның илимий дәрежеси, атағы, жумыс орны ҳәм лаўазымы биринши беттиң жоқарғы бөлегинде оң тәрепинде көрсетиледи.
  5. Мақаланың электрон ҳәм (мүмкин болғанша) қағаз варианты шөлкемлестириў комитетине тапсырылады.

Конференция материаллары топламы авторлары есабынан басып шығарылыўы себепли, мақаланың ҳәр бир бети ушын 12 000 сўм төленеди.

Тапсырыў мүддети: Конференцияға илимий мақалалар тезислери 2020-жылдың 5-апрелине шекем тапсырылыўы зәрүр.

Мәнзил: Қарақалпақстан Республикасы, Нөкис қаласы, академик Ч.Абдиров көшеси, 1 үй. ҚМУ, Экономика факультети.

Е-mail: Kishibay84@mail.ru  яки телеграмм +99891 305-00-25

Мүрәжат ушын телефон:(8 361) 226-17-66, 91 393 94 63 яки +99891 305-00-25

Жуўапкер: Қудияров Кишибай Раматуллаевич

Пайдалы дереклер