https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы | Karakalpak state university

Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы

2016- жылы 22-декабрь  446 Д/1 буйрығы тийкарында: «Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы» бөлими шөлкемлестирилди. Бул бөлимге жуўапкер етип доцент, б.и.к. A.K.Саитова бекитилди. Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 2017-жыл 20-февраль 67 Д/1 буйрығы тийкарында «Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы» кафедрасы шөлкемлестирилди. 2017-жыл 29-февраль №3586 н/к буйрығы тийкарында кафедра баслығы етип доцент, б.и.к. A.K.Саитова бекитилди. Кафедра «5411100- Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў технологиясы» тәлим бағдары бойынша бакалавр қәнигелигин таярлайды. Ҳәзирги ўақытта кафедрада 7 профессор оқытыўшы, соннан 1 илим докторы профессор, а-x.и.д. M.Ибрагимов, доцентлер П.Xaлмуратов. Ҳ.Tурсунбоев, ассистентлерден: P.K.Aбипов, A.С.Жангабаева РhD, С.E.Tөрениязова ҳәм О.Джолымбетовлар жумыс ислемекте.

 

 

 

Саитова Азима Калжановна, биология илимлериниң кандидаты, доцент. 1959-жылы 19-январьда Нөкис қаласында туўылған. 1977-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. 1997-жылы «Влияние физиологически активных соединений на растения хлопчатника в условиях засоления» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 70 тен аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 4 оқыў қолланба, 8 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты. 2017-жыл 29-февраль сәнесинен баслап кафедра баслығы лаўазымында ислеп атыр.

 

 

Халмуратов Полат, биология илимлериниң кандидаты, доцент 1948-жылы Шоманай районында  туўылған. 1969-жылы Қарақалпақ мамлекетлик  педагогика институтын  тамамлаған. Қәнигелиги биология ҳәм аўыл хожалығы тийкарлары. 1980-жылы “Флора и растительность песков Сам и Матайкум”  атлы темада кандидатлық диссертациясын  жақлады. 100 ден аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланған. Соның ишинде 4 монография, 20 дан аслам оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шыққан. 2017-жылдан баслап кафедра доценти лаўазымында жумыс ислеп атыр.

 

 

 

 

Турсунбоев Ҳамдам Ешбоевич, биология илимлериниң кандидаты, доцент. 1976-жылы Әмиўдәрья районында туўылған. Қәнигелиги биолог. 2004-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. 2011-жылы «Биологические особенности интродуцированных видов рода ACER L. на юге Каракалпакстана» атамасындағы кандидатлық диссертациясын жақлады. 40 қа жақын илимий мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 2 оқыў-методикалық қолланба, 3 оқыў-методикалық көрсетпеси баспадан шықты. 2015-2019 жылларда Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша проректор лаўазымында иследи. 2017 жылдан баслап Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы кафедрасында доцент лаўазымында жумыс ислеп атыр.

 

 

 

Жангабаева Айгул Сарсенбаевна, Аўыл хожалығы илимлери бойынша философия докторы .1985 жылы Нөкис қаласында туўылған. 2011-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған.

Қәнигелиги Эколог. 2019-жылы “Қорақалпоғистон Республикасида тупроқ шўрланиши шароитида топинамбур (Helianthus tuberosus L.) ўсимлигининг етиштириш технологиясини такомиллаштириш” атамасында аўыл хожалығы пәнлери бойынша философия  докторы (PhD) диссертациясын жақлады. 40 тан аслам илимий-методикалық мийнетлери, соның ишинде 2 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты. 2017 жылдан баслап Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы кафедрасында оқытыўшы болып жумыс ислеп атыр.

 

 

Абипов Рустем Камалович, Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы кафедрасы ассистенти, 1979-жылы Нөкис қаласында туўылған. 2002-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги  Эколог. 30 тан аслам илимий-методикалық мийнетлери, соның ишинде 1 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты.

 

Төрениязова Салтанат Елмуратовна, Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы кафедрасы ассистенти 1986-жылы Кегейли районынында туўылған. 2011-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги  Ботаник. 60 тан аслам илимий-методикалық мийнетлери, соның ишинде 4 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты.

 

Джолымбетов Оразалы Нариманович,  Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы кафедрасы стажёр-оқытыўшы 1994-жылы нөкис қаласында  туўылған. 2018-жылы Ташкент Мәмлекетлик аграр университетин тамамлаған. Қәнигелиги  Дәрилик өсимликлер жетистириў ҳәм қайта ислеў технологиясы. 7 мақаласы бар. 2018- жылдан Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы кафедрасында стажёр-оқытыўшысы лаўазымында жумыс ислеп атыр.

 

Джолимбетов Оразали Нариманович, стажер-преподаватель кафедры агроэкологии и интродукции лекарственных растений, родился в 1994 году в городе Нукусе. В 2018 году окончил Ташкентский государственный аграрный университет. Технология выращивания и переработки лекарственных растений по специальности. Более 7 статей. С 2018 года работает стажер-преподаватель кафедры Агроэкологии и интродукции лекарственных растений.

 

Пайдалы дереклер