ҲУҚЫҚТАНЫЎ КАФЕДРАСЫ | Karakalpak state university

ҲУҚЫҚТАНЫЎ КАФЕДРАСЫ

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ашылыўы менен 1977-жылы Тарийх-география факультети қурамында Ҳуқықтаныў кафедрасы ашылды. Жаңадан ашылған бул қәнигеликте А.Ж.Дәўлетов, Н.А.Абдуллаев, У.Нурмашев, А.Халиков, М.Ҳәкимов, И.Нуратдинов, Т.Қобланов, С.Нийетуллаев, Қ.Умарова, Е.Қутыбаева, Х.Халимов, С.Мәдреймова, Р.Айтмуратова, Ж.Ниязова, Б.Матмуратов, Г.Юлдашевалар устазлық етти. Соның менен бирге кафедрада доцент Т.Қаллибеков, доцент Г.Ерниязова, доцент Б.Ногаев, юридика илимлериниң докторы, доцент Р.Матқурбанов, доцент Х.Палуаниязовлар жумыс иследи.1993-жылы Юридика факультети шөлкемлестирилди ҳәм 1 кафедра жумыс алып барды. 2000-жылдан баслап Ҳуқықтаныў кафедрасынан 3 кафедра Мәмлекетлик ҳуқық ҳәм басқарыў, Пуқаралық ҳәм хожалық ҳуқықы, Жынаят ҳуқықы процеси ҳәм криминалистика кафедра-лары бөлинип шығып жумыс алып барды. 2014-жылы бул кафедралар қайтадан қосылып Ҳуқықтаныў кафедрасы болып қайта дүзилди.2014-2015 жылларда Ҳуқықтаныў кафедрасында юридика илимлериниң кандидаты, доцент О.Д.Утегенов, 2015-2016 жылларда юридика илимлериниң кандидаты И.А.Матжанов басшылық етти. 2016-жылдан баслап бүгинги күнге шекем кафедраны юридика илимлериниң кандидаты, доцент Ф.Қ.Қутлымуратов басқарып келмекте.

Кафедрада юриспруденция тәлим бағдары бойынша бакалаврлар, «Мәмлекетлик ҳуқық ҳәм басқарыў» қәнигелиги бойынша магистрлар таярланбақта. Питкериўши қәнигелер Өзбекистан Республикасының барлық ҳуқық қорғаў уйымларында жумыс алып барып атыр.

Кафедрада профессор Е.Д.Кутыбаева басшылығында «Жәмийетлик қадағалаў система сында өзин-өзи басқарыў уйымлары ўәкилликлерин кеңейтиў машкалалары (Қарақалпақстан Республикасы мысалында) 2012-2016 жыллар аралығында илим изертлеў жумыслары алып барылды.

Өткен дәўир ишинде кафедрадан 4 студент Өзбекистан Республикасы Президенти атындағы мәмлекетлик стипендиясы, 17 студент Наўайы атындағы мәмлекетлик стипендиясы, 19 сту-дент Бердақ атындағы мәмлекетлик стипендиясы, бир неше студентлер Камолот стипендиясы жеңимпазлары болды. 2016-2017 оқыў жылында юриспруденция бакалавр бағдарының 2 студенти Наўайы атындағы, 1 студент Бердақ атындағы мәмлекетлик стипендия жеңимпазы болды.

Кафедра профессор-оқытыўшылары менен бакалавр бағдары студентлери Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик Аўқамлар шөлкемлери бирлеспеси менен бирликте халыққа бий-пул ҳуқықый жәрдем көрсетиўши «Юридикалық клиника» шөлкемлестирилип хызмет алып бармақта.

Кафедрада үлкен оқытыўшылар Д.Т.Сапаров, Р.М.Каукышев, ассистент-оқытыўшылар У.С.Матирзаев, С.Б.Таңырбергенов, М.Е.Адилова, Г.С.Наурызбаева, А.Қ.Адембаев, Э.Х.Эгамбердиев, үлкен илимий хызметкерлер Х.А.Палуаниязов, Қ.Р.Бабаназаров, А.М.Иматов, А.Жумановлар илимий-педагогикалық хызмет көрсетпекте.

Кафедрада ислеп атырған илимий дәрежели профессор-оқытыўшылар

 

 

Қутлымуратов Фархад Қалбаевич, юридика илимлериниң кандидаты, доцент. 1982-жылы 6-декабрьде Нөкис қаласында туўылған. 2005-жылы Қарақалпақ мəмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги юрист. 2009-жылы «Юридикалық тәреп-лерди мәжбүрий қайта шөлкемлестириўди пуқаралық ҳуқықый тәртиплестириў» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 40 тан аслам илимий мийнет-лери баспада жәрияланды. Соның ишинде 1 монография, 3 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2016-2017 жыллары баслап Ҳуқықтаныў кафедрасының баслығы, 2017-жылдан Тарийх ҳәм ҳуқуқ факультетиниң деканы лаўазымында ислеп атыр.

Қутыбаева Елизавета Дүйсенбаевна , юридика илимлериниң докторы, профессор. 1957-жылы 21-ноябрьде Нөкис қаласында туўылған. 1980-жылы Ташкент м əмлекетлик университетин тамамлаған. Қəнигелиги юрист. 1985-жылы «Автономиялы респуб-ликаның мәмлекетлик басқарыў органлары» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 1999-жылы «Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимиятының ат-қарыў органлары » темасында докторлық диссерта-циясын жақлады. 60 тан аслам илимий-методикалық мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 3 монография, 3 сабақлық, 8 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2011-жылдан баслап Карақалпақ мəмлекетлик университетинде профессор лаўазымында ислеп атыр. Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери. Қарақалпақстан Республика Конституциялық бақлаў Комитетиниң ағзасы.

 

 

Дауменов Бердақ Айтмуратович, юридика илимлериниң кандидаты , доцент. 1978-жылы 1-майда Қараөзек районында туўылған. 2002-жылы Қарақалпақ мəмлекетлик университети юридика факультетин тамамлаған. Қəнигелиги юрист. 2010-жылы «Қарақалпақстан Республикасы хәкимияты аппараты хызметин шөлкемлестириў» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 25 тен аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 1 монография, 5 оқыў қолланбасы баспадан шықты. Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақ мəмлекетлик университети Оқыў-методикалық басқармасы баслығы ҳәм Ҳуқықтаныў кафедрасы доценти лаўазымында ислеп атыр.

 

Низаматдинов Кайрат Кеунимжаевич, юридика илимлериниң кандидаты, доцент. 1983-жылы 2-октябрь айында Шымбай районында туўылған. 2006-жылы Қарақалпақ мəмлекетлик университети юридика факультетин тамамлаған. Қəнигелиги юрист. 2010-жылы «Радиотелефон байланысы хызметин ҳуқықый тәртипке салыў машқалалары» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 20 дан аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәрияланды. Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақ мəмлекетлик университети Илимий бөлим баслығы ҳәм Ҳуқықтаныў кафедрасы доценти лаўазымларында ислеп атыр.

Утепбергенов Максет Садыкбаевич, юридика илимлериниң кандидаты. 1981-жылы 4-февраль айында Қоңырат районында туўылған. 2003-жылы Қарақалпақ мəмлекетлик университети юридика факультетин тамамлаған. Қəнигелиги юрист. 2010-жылы «Жынаят процессинде нызам ҳәм суд алдында теңлиги принципин әмелге асырыў» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 30 дан аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәрияланды. 2020-жылдан баслап Ҳуқықтаныў кафедрасы доценти лаўазымында ислеп атыр.

Жуманов Азамат Оралбаевич, юридика илимлериниң кандидаты. 1983-жылы 24-июль айында Қанлыкөл районында туўылған. 2005-жылы Қарақалпақ мəмлекетлик университети юридика факультетин тамамлаған. Қəнигелиги юрист. 2019-жылы «Халықты таза ишимлик суў менен тәмийинлеўдиң экологиялық ҳуқықый машқалалары» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 35 дан аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәрияланды. 2019-жылдан баслап Ҳуқықтаныў кафедрасы доценти лаўазымында ислеп атыр.

Пайдалы дереклер