Қоңырат районындағы илажлар | | Karakalpak state university

Қоңырат районындағы илажлар

Бердақ атындағы ҚМУ Тәбияттаныў факультети улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы мәхәлле ҳәм мектеплер менен бирге ислесиў бойынша реже тийкарында факультет оқытыўшысы И.Арепбаев Қоңырат районы №14-санлы  улыўма орта билим бериў мектебиниң окыўшылары менен «Қуслар – тынышлық тымсалы» атамасында ушырасыў шөлкемлестирди.

Ушырасыўдан мақсет – балаларға ушып келип-кетиўши қуслар ҳаққында тусиник бериў, олардың сыртқы көриниси, өзине тән қәсийетлери ҳәм де тиришилик цикли менен таныстырыў, қусларға деген ғамхорлық қылыў сезимин пайда етиў, гузетиўшеңлигин ҳам қызығыўшылығын арттырыў болып есапланады.

Усы тийкарда балаларға ушып келип-кетиўши қусларға байланыслы түрли ойынлар өткерилди. Ушып келген шымшық тәризли қусларға уяны қалай ислеў кереклиги бойынша түсиниклер берилди ҳәм мектеп оқыўшылары менен бирге ислеген уяларды Қоңырат районы №14-санлы  улыўма орта билим бериў мектеби әтирапындағы тереклерге қыстырылды.

А.Рахимбаев,

Тәбияттаныў факультетиниң студенти.

Пайдалы дереклер