https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Қуслар байрамы кең түрде белгиленди | | Karakalpak state university

Қуслар байрамы кең түрде белгиленди

Қуслар жердеги тиришиликтиң әжайып тымсалы болып, биз оларды гөззаллық ҳәм азатлық белгиси сыпатында қадирлеймиз.

Бердақ атындағы ҚМУ Тәбияттаныў факультетинде «1-апрел – халықаралық қуслар куни» байрамы ҳәр жылы өткизилип келинеди. Усы жылдың 2-апрел күни Тәбияттаныў факультетинде ашылған «ОТУС» студентлер орнитологиялық клубы ағзалары басшылығында байрам белгиленди.

Онда Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеминиң баслығы А.Бегимова, №23 ҳәм №33 санлы орта билим бериӯ мектеплериниң оқыӯшылары ҳәм Тәбияттаныў факультети студентлери қатнасты.

Байрамда «ОТУС» клубы баслығы Бердақ атындағы ҚМУ Тәбияттаныў факультети Улыўма биология ҳәм физиология  кафедрасы оқытыўшысы И.Арепбаев мектеп оқыӯшыларына қуслардың тәбияттағы әҳмийети хаққында, оларды қандай жоллар менен қорғаў кереклиги ҳәм уялар қурыў ҳаққында айтып өтти.

Сондай-ақ, «ОТУС» клубы ағзалары тәрепинен клуб тарийхы, мақсет-ўазыйпалары ҳәм де жыл қусы  хаққында исленген презентация ҳәм ойынлар балалардың қусларға болған қызығыўшылығын арттырды. Интерактив ойынларда балалар өз белсендиликлерин көрсетип естелик саўғалары менен сыйлықланди.

 Және де, мектеп окыӯшыларына «ОТУС» клубы жәмәәти атынан қуслар ушын уялар сыйлыққа берилди.

А.Рахимбаев,

ҚМУ студенти.

Пайдалы дереклер