https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Мойнақта университет командасы жеңимпаз болды | | Karakalpak state university

Мойнақта университет командасы жеңимпаз болды

Мойнақ районында нәўбеттеги заманагөй объектлер мүддетинен бурын пайдаланыўға тапсырылмақта. 

Усы жылдың 4-апрель сәнесинде Мойнақ қаласында Арал стадионының ашылыў салтанаты болып өтти.

 Дәслеп Өзбекстан Дене тәрбия ҳәм спорт министри Д.Набиев бир қатар устаз-тренерлерге Өзбекстан көкирек белгиси нышаны менен сыйлықларды тапсырды.

Буннан соң, Өзбекстан мақтанышы ФИФА рефереси Равшан Эрматов басшылығында еки команда Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм де Хожели сайланды командалары майданға шықты.

Ойынды Равшан Эрматов басқарып барды ҳәм ойын жуўмағында ҚМУ командасы Хожели командасын 2:0 есабында үстин келди.

Ҳәзирги күнде Мойнақ туризм орайына айланып бармақта. Атап айтқанда, райондағы ески кемелер жыйналған орынды Кемелер музейи заманагөй комплексине айландырыў ҳәм ири оңлаў бойынша исленип атырған жумыслар туризмди раўажландырыўға хызмет ететуғыны сөзсиз.

Усындай жумыслар «Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында да даўам етпекте. Бул жерде жайласқан Сулайман Бақырғаный комплекси ири оңланып, әтирапы абаданластырылмақта.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер