https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
#bakhshi Өзлигимизди танытатуғын үлкен имканият | | Karakalpak state university

#bakhshi Өзлигимизди танытатуғын үлкен имканият

Ҳәр бир халықтың әзелий тарийхы ҳәм мәденияты бәринен бурын оның аўыз еки дөретиўшилиги – фольклор көркем өнеринде, дәстан ҳәм мийрасларында жәмленген болып, олар миллеттиң өзлигин аңлаў, оның өзине тән миллий қәдириятлары менен дәстүрлерин сақлаў ҳәм раўажландырыўға бийбаҳа дәрек болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жылы 1-ноябрьдеги «Халықаралық бақсылар көркем өнери фестивалын өткериў ҳаққындағы» қарарының қабыл етилиўи, тараўда жаңа басқышты баслап берди.

Әлбетте, бул қарардың қабыл етилиўи пүткил халқымыз ушын қуўанышлы хабар болды. Себеби, миллеттиң өзлигин аңлаў, оның өзине тән миллий қәдириятлары менен дәстүрлерин сақлаў ҳәм раўажландырыўға бийбаҳа дәрек болған бул миллий мийрасларды келешек әўладқа жеткериўде әҳмийети оғада үлкен.

Дәстанлар, ондағы шийеленискен ўақыялар халқымыздың кеўил қумбызында писип жетилисип, жыраў-бақсылар арқалы кең журтшылық қәлбине сиңген халқымыздың мәдений мүлки. Жыраў-бақсылар тәрепинен атқарылып, бизиң бүгинги күнимизге дейин келген дәстанлар ямаса жыраў-бақсышылық мәденияты кеше я бүгин болмаса оннан арғы күни пайда болған емес. Бул бир неше жүз жыллар, әсирлер бурын бинят болып, бул дәўирлер даўамында өсип жетилисип, раўажланып камалатқа келген. Бизиң миллий мәдениятымыздың сағасы болған аўыз еки дөретпелер десек сол аўыздан аўызға көшип бизин дәўиримизге дейин жетип келген дәстанлар, терме толғаўлар, қосықлар сол дәўирдиң озық ойлы, аса талантлы адамлар тәрепинен дөретилип, атқарылып, әўладтан-әўладқа өтип, бизиң дәўиримизге дейин жетип келген. Ал, сол дөретиўшилер өзлериниң атларының емес қосықларының яки дәстанларының таралыўына көбирек әҳмийет берип барған.

Күнделикли баспасөзи жоқ бир дәўирлерде халқымыздың бийбаҳа дүрданаларының бизиң дәўиримизге жетип келиўинде ҳақыйқый баспа халықтың яды болды. Қосықлардың, ҳәтте дәстанлардың авторы, атқарыўшысы, тыңлаўшысы да халық болды. Булардың бәри халықлық деген түсиник әтирапында жәмлести.

Қәсийетли өнер ийелери, халықтың кеўил мүлкин кең таратыўшылары жыраў-бақсылары, атқарыўшылар биреў яки онлаған емес, олар дүркин-дүркин болған. Ҳәр бир дөретиўши өз дәўириниң липасын, лапызын қосықларына берип заман арпалысын, көкирек кернеўлерин көркем сөз дизбеклеринде тоқылған  ғәзийнени халыққа көзгир еткен, жырлаған.

Қарақалпақ сазларының сағасы жыраў намалары десек, сол уллы өнердиң дөгерегинде бақсышылық мәденияты да өрис алған. Жыраў-бақсылар бизиң қанымызға,  санамызға, ақыл-ойымызға сиңген ең ағла бийбаҳа байлығымыз.

Қарақалпақ халқының даңқлы перзентлериниң бири, уллы шайыр И.Юсуповтың:

               Кимселер хош көрмес кимге жағарсаң,

               Беглигиңди бузба ынжылма ҳәргиз,

               Бәлки, сен ең соңғы бақсы боларсаң,

               Биз ҳәм соңғы тыңлаўшыңыз,-деп «Хошәдес» қосығының туўылыўына себеп болған заманлар артта қалып, елимиз ғарезсизликке ерискели миллий мәдениятымыздың бир тараўы болған жыраў-бақсылар ҳәм олар атқарған дәстанларға айрықша итибар бериле баслады.

1998-жылы Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти И.Каримовтың «Алпамыс» дәстанының мың жыллығын өткериў бойынша қарары қабылланған еди. Бул тек ғана жыраў-бақсылар ямаса Алпамыс дәстанын атқарыўшыларға қаратылған қарар емес пүткил халқымыздың өтмишке, миллий мәдениятқа итибардың дәреги еди. Усы карардың алтыншы бәнтинде «Алпамыс дәстанының қарақалпақ вариантындағы қосықларды нотасы менен академиялық усылда баспадан шығарылсын» делинген. Бул демек бизиң жыраўларымыз жырлаған «Алпамыс»қа деген үлкен ҳүрмет болды.

1998-жылдан баслап төрт жыл даўамында Өзбекстан ўалаятларында Қашқадәрьяның Қаршы қаласында, Сурхандәрьяның Термиз қаласы ҳәм Байсын райоынында, Хорезмниң Хийўа қаласында халықаралық көлемде жыраў-бақсылардың жарысы болып өтти.

Қарақалпақстан  Мәденият Министрлиги «Алпамыс» дәстанының мың жыллығына бағышланған карарды үлкен көтериңкилик пенен додалап, министрдиң өзи Н.Мухамеддинов жарысқа баратуғын жыраў-бақсыларды жыйнап, дәстан ҳәм оның мың жыллығының өткерилиў әҳмийетин түсиндирип, Қашқадәрьяда болатуғын жарысқа таярлықты бақлап барды.

Жарыс шәртинде ҳәр жыраў-бақсы он минут ишинде дәстаннан үзинди айтып бериўи керек. Бул он минутта дәстанның улыўма мазмуны жәмленген болыўы керек. Таңлаўға басшылық етип барыў «Алтын мийрас» қорының баслығы А.Сапароваға тапсырылды. Мәденият министрлиги тәрепинен автобуста ең сайланды жыраў-бақсылар Қашқардәрьяға жол алды.

Қашқадәрья Қаршы шәҳәри. Бул жерге Қазақстан, Қырғызстан Республикаларынан, Өзбекстанның көпшилик ўәлаятларынан қолына сазын алып келген бақсылар бар еди. Ал, қолына ең ески саз әспабы болған қобызды алып қахарманлық дәстанларды жырлайтуғын жыраўлар болса тек қарақалпақ халкында ғана бар екен.

Қашқадәрьяның Қаршы қаласында өткен биринши таңлаўда жасы жаңа он сегизге толып атырған Зүлфия Арзымбетованың дәстанында Алпамыстың Байшубарды бәйгиге қосайын деп турған жеринде Гүлпаршынның «Тоқсан аттан озып келсең Байшубар, төрт туяғың ақ сийнеме басылсын», деген қатарларын айтқанда тебиренбеген адам қалмады. «Бул кыздың тула бойының бәри ҳаўаз шығар», деди сурхандәрьялы Өзбекстан халық бақсысы Шаберди Балтаев.

 «Алпамыс» дәстанының мың жыллығына арналған таңлаўларда қатнасқан қарақалпақстанлы жыраў-бақсылар тек ғана биринши, екинши орынларды алып өзлериниң миллий қәдириятларымызға, уллы ғәзийнелеримиз болған дәстанларға болған ҳүрметин, хызметин дәлилледи.

Сурхандәрьяда өткерилген жарыста өзиниң жырлаў усылы менен көпшиликти қайыл қалдырған Жумабай жыраў Базаров таңлаўдың биринши орынына миясар болды. Бүгинги күнде сол таңлаўларға қатнасқан Бақберген Сырымбетов «Қарақалпақстан халық жыраўы», Бахтыяр Есемуратов «Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери» Теңел Қәллиев Өзбекстан халық бақсысы, Зияда Шәрипова «Қарақалпақстан халық бақсысы» ҳүрметли атақларына миясар болды.

Қарарда көрсетилгениндей, санаўлы күнлерден кейин Сурхандәрья ўәлаятында халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы өз жумысын баслайды.

Халкымыздың қәстерлеп сақлап узақ әсирлерден берли атадан-балаға, әўладтан-әўладқа өтип киятырған бай ғәзийнеси миллий мәдениятымыздың тийкары болған бақсышылық мәдениятына бағышланған фестивал қатнасыўшыларына табыслар тилеймен. Бул бизиң өзлигимизди танытатуғын үлкен имканият.

     Ш.Пайзуллаева,

Бердақ миллий музейиниң директоры.

Пайдалы дереклер