https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Китап – инсан мәнаўиятының айнасы | | Karakalpak state university

Китап – инсан мәнаўиятының айнасы

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Тәбияттаныў факультети география кафедрасы профессор-оқытыўшыларының мектеплер менен бирге ислесиў режесине тийкарланып, 2019-жыл 4-апрель сәнесинде Қоңырат районының  41-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Китап–инсан мәнаўиятының айнасы» атамасында ушырасыў шөлкемлестирди.

Ушырасыўдың тийкарғы мақсети – китапқумарлыққа қызықтырыўдан, яғный, китаптың инсан турмысы, тәрбия ҳәм руўхый жақтан кәмил инсан болып жетилисиўиндеги орнын үгит-нәсиятлаўдан ибарат.

Ушырасыўды мектеп директоры Г.Худайбергенова басқарып барды. География кафедрасы профессор-оқытыўшыларынан профессор Р.Баллиева, доцентлер Н.Ембергенов ҳәм О.Султашовалар сөзге шығып, олар өз сөзлеринде усы жылдың 19-март күни Президент Ш.Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген видеоселекторда жасларды руўхый жақтан тәрбиялаў, олардың келешек турмысындағы китаптың орны, сондай-ақ интернеттен дурыс пайдаланыў ҳаққындағы ҳәзирги күндеги шешилиўи тийис болған мәселелерди жасларға кеңнен түсиндирип берди. Сондай-ақ, мектеп питкериўши-жаслары менен оларды кәсипке бағдарлаў бойынша сәўбетлесиў өткерилди. Ушырасыў сораўларға бай, оғада қызығарлы өтти. Соңынан мектепте шөлкемлестирилген тарийхый музей тамаша етти. 

Ушырасыў шөлкемлестириўшилери ушырасыўдың көтериңки руўхта өткенлигин ҳәм келешекте усындай сәўбетлесиўлердиң жасларымыздың руўхый дүньясын байытыўда әҳмийети үлкен.

 

Г.Ходжаева,

география кафедрасының доценти.

 

Пайдалы дереклер