https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
ҚМУ дилмашлары тәжирийбесин арттырмақта | | Karakalpak state university

ҚМУ дилмашлары тәжирийбесин арттырмақта

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде ҳәм де Өзбекстан Жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң 2019-жыл 13-марттағы 04-13/1221-санлы хаты тийкарында 2019-жыл 30-мартта Нөкис қаласында «Жаслар Орайында» Орайлык Азия жасларының «Аралды қутқарайық» темасында илимий-әмелий конференция, «Жаслардың инновациялық идеялары» саммити өткерилди. Саммит шеңберинде «Woman-in-Tech and Science», «Technovation» илажы өткерилди.

Бул саммитке Шет тиллер факультети профессор-оқытыўшылардан А.Мусаев, А.Сулайманова, Ж.Ережепова, И.Хожалепесовалар, ал, студент-жаслардан У.Атаниязова, Х.Хабибуллаева, Ж.Сейтназаров, Х.Сапарниязова, Г.Толегенова, А.Маратова, Н.Ибрагимова, А.Ерназарова, К.Жумамуратовлар белсене қатнасты.

Конференция даўамында студент-жаслар өзлери қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Пайдалы дереклер