https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Қарақалпақ тил илиминиң профессоры өзи билим алған мектепке китаплар саўға етти | | Karakalpak state university

Қарақалпақ тил илиминиң профессоры өзи билим алған мектепке китаплар саўға етти

Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ тил билими кафедрасының профессоры, филология илимлериниң докторы Ш.Абдиназимов өзи билим алған Кегейли районындағы 42-санлы мектепке 150 дана китап саўға етти.

Китаплар арасында жәҳән әдебияты классиклери Пушкин, Лермонтов, Достоевский, Шолохов, Тургеневтиң китаплары, Шынғыс Айтматовтың 7 томлығы, өзбек шайыр, жазыўшыларынан А.Орипов, Хамид Ғулом, қарақалпақ әдебиятынан Бердақ, Әжинияз, И.Юсупов, Т.Қайыпбергенов ҳәм т.б. шайыр-жазыўшылардың шығармалары, «Қарақалпақ фольклоры»ның 10 томлығы, қарақалпақ тили ҳәм әдебиятына байланыслы илимий мийнетлер бар. Ең баслысы илимпаздың өзиниң авторлығындағы жәрияланған 20 атамадағы китаплары мектеп жәмәәти ушын үлкен саўға болды.

Пайдалы дереклер