https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Илимий мақала ҳаққында түсиниклер берилди | | Karakalpak state university

Илимий мақала ҳаққында түсиниклер берилди

Социал-экономикалық факультетиниң студентлери Ташкент мәмлекетлик Аграр университети профессоры Р.Дусмуратов пенен «Илимий мақала не? яки илимий мақала қалай жазылады ҳәм рәсмийлестириледи» атамасында семинар шѳлкемлестирилди.

Семинарда магистрантлар ҳәм де зийрек студентлердиң илим-иззертлеў жумысларын алып барыў, мақала жазыў, тезис жазыў бойынша кең түсиниклер берилди.

Магистрлик диссертацияларға ҳәм питкериў қәниегилик жумысларында илимий жаңалықларға қойылатуғын талаплар ҳәм илимий жумысларды журнал ҳәм WEB OF SCIENCE, SCOPUS бойынша жоқары рейтингли журналларға бериў бойынша мағлыўматлар презентация көринисинде усынылды.

Б.Сарсенбаев,

Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

 

Пайдалы дереклер