slot gacor hari ini
Әмир Темурдың 683 жыллығына кеше шөлкемлестирилди | | Karakalpak state university

Әмир Темурдың 683 жыллығына кеше шөлкемлестирилди

Социал-экономикалық факультетинде усы жылдың 9-апрель күни Әмир Темур бабамыздың 683 жыллығына арналған кеше шөлкемлестирилди.

Кешеде 2-курс Финанс бағдары студенти Камила Мамутова өзиниң таярлап келген презентациясында бабамыз ҳаққында мағлыўмат берип өтти. Бабамыздың 683 жыллығына бағышланған кешеде Әмир Темурдың өмир жолы, реформалары, умытылмас уллы ислери ҳаққында сөз етилди.

Әмир Тимур дүньяға белгили мәмлекет әрбабы, уллы сәркарда, мәмлекетлик ғайраткер, адаллат гүресшиси, илим-пән ҳәм мәденият жетекшиси сыпатында белгили.

Ол орайластырылған мәмлекет дүзген ҳәм биз әўладларға өзиниң теңи жоқ мийрасын өзинде мәмлекет басқарыўында тәртип ҳәм қағыйдаларды сәўлелендирген «Темур Тузуклери» мийнетин қалдырған.

Кешеде студентлерге мағлыўматлар берилип, олардың пикирлери тыңланды.

Б.Сарсенбаев,

Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

 

 

 

Пайдалы дереклер