slot gacor hari ini
«Кәсиплердиң ең уллысы – устазлық, имаратлардың ең уллысы – мектеп» | | Karakalpak state university

«Кәсиплердиң ең уллысы – устазлық, имаратлардың ең уллысы – мектеп»

«Кәсиплердиң ең уллысы — устазлық, имаратлардың ең уллысы болса —мектеп» — деген, еди Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Абдиғаниевич Каримов.

 Дурысында да, инсанды ҳәр тәреплеме жетик, кәмил инсан етип тәрбиялаўшы, ең ажайып балалық естеликлерге толы мәскан бул – мектеп. Бахытлы балалықтың не бир шоқлықларын аўырсынбай мойнында көтерген мектеп жыллары ҳеш кимниң ядынан кетпесе керек.

Университетимиздиң бир қатар оқытыўшылары, солар қатарында Батыр Самандаров та өзи туўылып өскен жери, Елликқала районында жайласқан мектебинде болды.

 Келешегимиз болған жасларды елимизге пидайы, Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда китаптың аҳмийети үлкен. Мине бүгин, устазымыз да усы дәрежеге жетиўине тийкарғы  себебши болған китапларды өзи оқыған мектебине саўға етти.

Илаж барысында мектеп оқыўшылары менен сәўбет шөлкемлестирилди. Оқыўшылар өзлери қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Қ. Сәрсенбаев,

Физика-математика факультетиниң Жаслар аўқамы жетекшиси.

 

Пайдалы дереклер