https://cbt20.fk.uns.ac.id/terbaru/https://djpen.kemendag.go.id/papamama/demo/http://ct.if.unsoed.ac.id/menang/https://ilmupolitik.uinsgd.ac.id/-/demo/https://pakbejo.jatengprov.go.id/-/demo/
«Диний экстремизм ҳәм оның унамсыз ақыбетлери» атамасында илаж шөлкемлестирилди | | Karakalpak state university

«Диний экстремизм ҳәм оның унамсыз ақыбетлери» атамасында илаж шөлкемлестирилди

Усы жылдың 19-апрель күни Шет тиллери факультетинде «Диний экстремизм ҳәм оның унамсыз ақыбетлери» атамасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда факультет деканы Дж.Қурбанбаев шығып сөйлеп, бүгинги күнде жаслар ҳәр қыйлы жат иллетлер тәсирине түсип қалыўы нәтийжесинде жүз берип атырған жынаятлар хаққында айтып өтти. Студент-жаслар арасында усындай жынаятлардың алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиў мақсетинде факультет көлеминде өткерилип атырған ис-илажлар ҳаққында айрықша тоқтап өтти.

Буннан соң, Нөкис қаласы Имам ийшан Мухаммад жоме мешити имам найыбы А.Жолаушиев «Диний экстремизм ҳәм оның унамсыз ақыбетлери» атамасында өз баянаты менен қатнасты. Ол өз сөзинде  диний экстремизм ҳәм миссионерликтиң жәмийетимиз ушын қәўпи, оның аўыр ақыбетлери, миссионерликке ҳәм оған қарсы гүресиў илажлары ҳаққында ҳәм шет мәмлекетлерден кирип келип атырған диний ағымлар, секталар жасларымызды өзлерине тартыўға ҳәрекет етип атырған келешектеги өзлериниң жаман нийетлери ҳәм мәплери ушын пайдаланылатуғынлығын, мәмлекетимиз раўажланыўына кери тәсир етиўи ҳәм оларға қарсы гүресиў лазым екенлиги ҳақкында айтып өтти ҳәм студент-жасларды бундай жат иллетлерден аўлақ болыўға шақырып қалды.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети Миллий идея, мәнаўият тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы оқытыўшысы С.Усенов шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-апрельдеги «Диний ағартыўшылық тараўы жумысын жетилистириў ис-илажлары ҳақкында»ғы Пәрманының мазмун-мәниси ҳаққында студент-жасларға айтып берди.

Ушырасыў соңында студент-жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына тийисли тараў қәнигелеринен жуўаплар алды.

Т.Кулнизов,

Факультеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер