https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Дыққат, эсселер таңлаўы! | | Karakalpak state university

Дыққат, эсселер таңлаўы!

Японияның «Гои тынышлық» (“The Goi Peace Foundation”) фонды ЮНЕСКО шөлкеми ҳәм Японияның билимлендириў, мәденият, спорт, илим ҳәм технология министрликлери менен биргеликте жас өспиримлер арасында «Меҳир-мүриўбетке толы жәмийетти жаратыў» (“Creating a Society Full of Kindness”) темасында эсселер таңлаўын жәриялайды.

Таңлаў жеңимпазы 100 мың йен (900 АҚШ доллары) менен сыйлықланады ҳәм 2019-жылдың 31-октябрь күни Японияда өткерилетуғын сыйлықлаў мәресимине барып-қайтыў қәрежетлери фонд тәрепинен қаплап бериледи.

Таңлаў ҳәм таңлаўға ҳүжжет тапсырыў ҳаққында толық мағлыўматты https://www.goipeace.or.jp/en/work/essay-contest/ веб-сайты арқалы алыўыңыз мүмкин.

 

Халықаралық бирге ислесиў бөлими

 

Пайдалы дереклер