https://cbt20.fk.uns.ac.id/terbaru/https://djpen.kemendag.go.id/papamama/demo/http://ct.if.unsoed.ac.id/menang/https://ilmupolitik.uinsgd.ac.id/-/demo/https://pakbejo.jatengprov.go.id/-/demo/
Мәлимлеме-ресурс орайы – китапқумарлар хызметинде | | Karakalpak state university

Мәлимлеме-ресурс орайы – китапқумарлар хызметинде

Китапқумарлық мәдениятын арттырыӯ-уллы

мақсетлеримизге ерисиӯдиӊ әҳмийетли кепили.

Ш.Мирзиёев.

Мәмлекетимизде китап оқыӯды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыӯ, китапханалардыӊ жумысын буннан былай да жетилистириӯге айрықша итибар қаратылмақта.

Усы бағдардағы жумысларды және де жеделлестириӯ мақсетинде 19-апрель күни  университеттиӊ Тәбияттаныӯ факультетинде «Мәлимлеме-ресурс орайы-китапқумарлар хызметинде» атамасында китап көргизбеси шөлкемлестирилди.  

Көргизбеге университет профессор-оқытыӯшыларыныӊ соңғы жыллары баспадан шыққан сабақлық ҳәм оқыӯ қолланбалары қойылды.

Көргизбеге мәлимлеме-ресурс орайы директоры Н.Шаригатова қатнасып, жасларды китаптыӊ имканиятларынан және де нәтийжелирек пайдаланыӯға шақырды. Мәлимлеме-ресурс орайы қәнигеси Г.Данебекова китапқумар жасларға методикалық жәрдем бериӯ, оларға көрсетилетуғын хызмет сапасын арттырыӯдан ибарат екенлигин айтты.

Көргизбеге биология илимлериниӊ докторы, профессор А.Матчанов қатнасып, жасларымыздыӊ руӯхый ҳәм идеялық сана-сезимин байытыӯдағы китаптыӊ әхмийетине тоқтап,  бос ӯақытларында көбирек китап оқыӯ менен бәнт болыӯы кереклигин айтты.

Көргизбеден орын алған жаӊадан келген китапларға  орайымыз қәнигелери, Г.Казакова, А.Исмаилова, Б.Қазақбаева, Г.Есбергеновалар библиографиялық шолыӯ жасады. Соӊынан, талабалар орай қәнигелери Ш.Нәубетова, Г.Алланиязова, М.Даӯлетмуратова, А.Алучиев, З.Ималатдиновалар тәрепинен таярланған «Тәбияттаныӯ бағдарына тийисли болған шет тилиндеги китаплар», «Мәлимлеме-ресурс орайында ҳүжжетлерди аралықтан электрон жеткерип бериӯ, АРМАТ++Бағдарламасының http://armat.edu.uz сайты арқалы оқытыӯшы ҳәм талабалардың электрон ресурслардан пайдаланыӯ мүмкиншиликлери», «Экология – бүгинниӊ кескин машқаласы, келешектиӊ тәғдири», «Кызыл китапқа киритилген өсимликлер ҳәм ҳайӯанат түрлери» бойынша  презентация жумыслары ҳәм  методикалық қолланбалар менен танысты.

М.Даӯлетмуратова,

МРО қәнигеси.

Пайдалы дереклер