https://cbt20.fk.uns.ac.id/terbaru/https://djpen.kemendag.go.id/papamama/demo/http://ct.if.unsoed.ac.id/menang/https://ilmupolitik.uinsgd.ac.id/-/demo/https://pakbejo.jatengprov.go.id/-/demo/
Өрт – тилсиз жаў | | Karakalpak state university

Өрт – тилсиз жаў

Усы жылдың 19-апрель сәнесинде университетимиздиң Факультетлер аралық шет тиллер кафедрасы  профессор-оқытыўшылары Тәбияттаныў  факультетинде «Өрт – тилсиз жаў» атамасында илаж шөлкемлестирди.

Оған Нөкис каласы 1-ƏӨҚБ смена басшысы, аға лейтенант Р.Сейтирзаев,  Нөкис қалалық ӨҚБ инспекторы, лейтенант Қ.Сейтназаров ҳәм Тәбияттаныў факультетиниң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Ж.Муйнакбаев ҳәм факультетлер аралық шет тиллер кафедрасының профессор-оқытыўшылары, студент-жаслары қатнасты.

Илажда Нөкис каласы 1-ƏӨҚБ смена басшысы, аға лейтенант Р.Сейтирзаев шығып сөйлеп, Нөкис қаласы аймағында өрт қәўпиниң алдын алыў бойынша исленип атырған жумыслар хаққында түсиндирип,  студент-жасларды  келип шығыўы  мүмкин болған өртлер  ҳәм де өрт кәўпиниң  алдын алыў бойынша белсене катнасыўға шақырып қалды. Сондай-ақ,   Нөкис қалалық ӨҚБ инспекторы Қ.Сейтназаров  турақ-жайларымызда, мекеме-кәрхана имаратларында насаз стандартқа жуўап бермейтуғын жылытыў үскенелеринен пайдаланбаў, өрт ямаса айрықша жағдайлар жүз берген жағдайда  адамларды  эвакуация кылыў, материаллық байлықларды қутқарыў ҳәм бирлемши өрт өшириў үскенелери менен өртти өширип, өрт болғанда «101» телефонына қоныраў қылыў кереклигин  айтып өтти.

Ушырасыў өз ара сораў-жуўапларға бай тәризде өткерилди.

 

Д.Кубейсинова,

Факультетлер аралық шет тиллер

кафедрасы баслығы, доцент.

 

Пайдалы дереклер