https://cbt20.fk.uns.ac.id/terbaru/https://djpen.kemendag.go.id/papamama/demo/http://ct.if.unsoed.ac.id/menang/https://ilmupolitik.uinsgd.ac.id/-/demo/https://pakbejo.jatengprov.go.id/-/demo/
Өрт қәўипсизлиги қағыйдасы – өмир пайдасы | | Karakalpak state university

Өрт қәўипсизлиги қағыйдасы – өмир пайдасы

Университетимиздиң Химия-технология факультетинде «Өрт қәўипсизлиги қағыйдасы – өмир пайдасы» атамасында ушырасыў болып өтти.

Онда факультет деканы Б.Нурымбетов, жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Ғ.Султанов, Нөкис қалалық 1-санлы әскерийлестирилген өрт қәўипсизлиги басқармасының бөлим баслығы, подполковник Т.Уразбаев ҳәм инспектор Б.Коспановлар, -нефть ҳәм газ кәнлерин иске түсириў   ҳәм олардан пайдаланыў топарының басшысы Е.Санетуллаев ҳәм студентлер қатнасты. Ушырасыўдың мақсети – өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм өрт пенен байланыслы жағдайлардың алдын алыў бойынша жасларға кеңнен түсиниклер бериў болып табылады.

Мийманлар Т.Уразбаев ҳәм инспектор Б.Коспановлар бул тилсиз жаўдың қәўпи ҳәм оның ақыбетлери, оған қарсы қалай гүресиў кереклиги ҳаққында мағлыўматлар берип өтти. Яғный, жас балаларды қараўсыз қалдырмаў, газ ҳәм ысытыў үскенелеринен дурыс пайдаланыў кереклиги, ең баслысы бийпарўалыққа жол қоймаў кереклиги ҳаққында түсиник жумысларын алып барды.

Студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға тараў қәнигелеринен толық жуўаплар алды.

М.Кеңесбаев,

 Химия-технология факультетиниң студенти.

Пайдалы дереклер