https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Университетимиз студенти Ақтеңге Кеунимжаева Азия чемпионатында жеңимпаз болды | | Karakalpak state university

Университетимиз студенти Ақтеңге Кеунимжаева Азия чемпионатында жеңимпаз болды

Усы күнлерде Қытайдың Циан қаласында спорт гүреслери бойынша Азия чемпионаты болып өтпекте. Онда ҳаял-қызлар гүреси бойынша қатнасып атырған сайланды команда ағзалары жақсы жетискенликлерге ерисип келмекте.

Гилемге шыққан Өзбекстан сайланды командасының 3 палўан қызларымыз бронза медалға миясар болды. Қызларымыздың нәтийжелери менен танысың:

Бронза медал ушын беллесиўлер: 
-53 кг: Актенге Кеунимжаева – Хюнгжу Ким (Қ.Корея) 9:3
-62 кг: Набира Эсенбаева – Салине Срисомбат (Таиланд) 12:0
-72 кг: Нилуфар Гадоева – Чиа-ХСин Ли (Хитой Таипейи) 10:0

Қуўанышлы тәрепи сонда, Нилуфар Гадоева Дене мәденияты  факультетин питкерген болса, Ақтеңге Кеунимжаева факультетимиздиң 1-курс студенти болып есапланады.

Бизде өз гезегинде қызларымызға кейинги жарысларда жеңисли жолын даўам етиўин тилеп қаламыз.  

Н.Қайпов,

Дене мәденияты факультетиниң деканы.

Пайдалы дереклер