https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
ҚМУда «Спорт айлығы»на старт берилди | | Karakalpak state university

ҚМУда «Спорт айлығы»на старт берилди

Бүгинги күни елимиз ўәкиллериниң Олимпиада ойынларында, жәҳән чемпионатларында, Азия ойынларында ҳәм чемпионатларында және халықаралық жарысларда жоқары нәтийжелерге ерисип атырғаны, дүньяда Өзбекстанның абырай-мәртебеси ҳәм спорт потенциалы буннан былай да артып атырғаны, республикамыз аймақларында жәҳән стандартларына сәйкес ықшам спорт объектлериниң қурылып, оқыўшы ҳәм студент-жаслар арасында үш басқыштан ибарат «Үмит нәлшелери», «Бәркамал әўлад» ҳәм Универсиада спорт ойынларының ғалаба ен жайып атырғаны, айрықша, дыққатқа ылайық.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-марттағы «Дене тәрбия ҳәм спорт тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-марттағы «Өзбекстан спортшыларын 2020-жыл Токио қаласында болып өтетуғын XXXII жазғы Олимпиада ҳәм XVI Паролимпиада ойынларына таярлаў ҳаққында»ғы қарары ҳәм усы Пәрман ҳәм қарарлардағы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 23-апрельдеги Баянламасы тийкарында 2019-жылдың май айы «Спорт айлығы» деп белгиленген еди.

Бәринен бурын, бундай айлықты шөлкемлестириўден мақсет – халықтың арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм спортты олардың қәлбине сиңдириў есапланады. Бул оғада үлкен жойбар болып, ол елимиздеги миллионлаған жасларды бирлестиреди.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде талим алып атырған бир канша спортшы студент-жаслар елимиздиң абырайын көклерге көтерип келмекте.

Университетимиздиң Дене мәденияты факультетиниң 3-курс студенти, қол урысы спорт түри бойынша 7 мәрте Өзбекстан чемпионы Сапура Қаипназарова быйыл Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықты алыўға миясар болды.

 Сондай-ақ, өткен жылдың октябрь айында Дене мәденияты факультетиниң 2-курс студенти Клара Дәрменбаева Грузия мәмлекетинде спорттың Самбо түри бойынша өткерилген Жәҳән чемпионатында, сондай-ақ, усы факультеттиң 3-курс студенти Бахтыгүл Балтаниязова усы жыл 1-март күни Болгария мәмлекетинде спорттың еркин гүрес түри бойынша болып өткен Халықаралық турнирде жеңимпазлар қатарынан орын ийеледи. Және де, факультеттиң 3-курс студенти Жалғасбай Бердимуратов спорттың грек-рим гүреси түри бойынша усы жылдың 24-февраль күни Хорватия мәмлекетинде өткерилген Жәҳән гран-при жарысларында  жеңимпазлықты қолға киргизген болса, ал, жақында 23-28-апрель күнлери Қытай мәмлекетиниң Циан қаласында Спорт гүреслери түри бойынша Азия чемпионатында университетимиздиң студенти Ақтеңге Кеўнимжаева 53 кг салмақта 3-орынды ийелеўи бәршемизди шексиз қуўанышқа бөледи.

Усы жылдың 2-май сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Спорт айлығы»на старт берилди. Илажда університет ректоры А.Реймов ҳәм республикамызға белгили нураный спортшылар, атақлы тренерлер ҳәм спортшы-жаслар шығып сөйлеп, илаждың әҳмийети оғада уллы екенлигин айтып өтти.

«Спорт айлығы» илажлары університет ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлери Қосық ҳәм аяқ ойын ансамбль тәрепинен шөлкемлестирилген байрам концерти мене даўам етти. Концерт бағдарламасында Өзбекстан халық артисти Г.Мамазаитова, Өзбекстанға хызмет көрсеткен артистлер Я.Мўминов ҳәм Т.Жаббаровлар, сондай-ақ, қарақалпақ көркем өнер ийелери өзлериниң әжайып қосықлары менен қатнасыўшыларда өзгеше тәсирлер қалдырды.

Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер