https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Дыққат, дағаза!!! | | Karakalpak state university

Дыққат, дағаза!!!

Университет студентлери арасында «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық», «Мен диний экстремизм ҳәм терроризм қәўпин қалай түсинемен?» атамаларында  мақалалар таңлаўы өткериледи. Таңлаўдың факультет басқышы усы жылдың 16-24-апрель күнлери аралығында өткериледи. Таңлаўдың еки бағдары бойынша қатнасқан студентлер өз мақалаларын өзлери оқып атырған факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасарларына бериўлериңиз тийис.

Таңлаў критериялары:

Таңлаўға усыныс етилетуғын мақалалар төмендеги критерияларда баҳаланады;

– теманың мәнис-мазмунын толық ашып берилиўи;

– дөретиўшилик жумыслардың стилистикалық ҳәм грамматикалық тәрептен дурыс жазызғанлығы;

– теманы жартыўда әдебиятлардан пайдаланыў дәрежеси ҳәм анализлеў ҳәм еркин пикирлердиң анық билдирилгенлиги;

–    теманы жарытыўда өзине тән дөретиўшилик тәреплерин сәўлеленгенлиги;

– теманы жарытыўда турмыслық мысаллардан кең пайдаланғанлығы;

– темаға байланыслы актуал мәселелер, олардың шешимлери ҳаққында усыныслар келтирилгенлиги.                                                              

Таңлаўдың еки бағдары бойынша университет басқышында жеңимпаз болған студентлер томендегише сыйлықланады:

1-орын (350000) сум ҳәм  1-дәрежели диплом,

2-орын үш жүз мың  (300000) сум ҳәм  2-дәрежели диплом,

3-орын еки жүз мың  (200000) сум ҳәм 3-дәрежели диплом.

Сондай-ақ, таңлаўдың университет басқышында жеңимпаз болган 1-2-орынды ийелеген студентлердиң мақалалары таңлаўдың Республикалық басқышына усыныс етиледи.

 

Пайдалы дереклер