https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Жоқары билимлендириўдеги жаңа қәдемлер | | Karakalpak state university

Жоқары билимлендириўдеги жаңа қәдемлер

Усы жылдың 16-17-июнь күнлери Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.Мажидов республикамызда болып, онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 24-май күнги  Өзбекстан Миллий университетинде илим, билимлендириў тараўы ўәкиллери менен болып өткен ушырасыў мәжилисинде бкрилген тапсырмалардың мазмунын Қарақалпақстандағы барлық жоқары оқыў орынлары студент-жасларына, профессор-оқытыўшыларына ҳәм басшы хызметкерлерине жеткериў мақсетинде ушырасыўлар өткерди.

Ушырасыўларда жоқары оқыў орны басшылары, академиклер, алымлар, жас илимпазлар ҳәм студентлер менен мәмлекетимизде инсан капиталын раўажландырыў бойынша тараў алдына қойылған мәселелерди талқылады.

Министр студентлер менен ушырасыўы дослық тәризинде өтип, онда жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды. Булардан, оқыў процесин шөлкемлестириў, сабақ өтиўге тәжрийбели жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелерин тартыў, өзлериниң стартап жойбарларын әмелге асырыўдағы тосқынлықлар ҳәм қаржы мәселелеринде ушырасып атырған қыйыншылықлар ҳаққында ашықтан-ашық пикирлести.

– Әлбетте, усы сыяқлы ашық пикирлесиўлер тез-тезден болып турса студент-жаслардағы машқала ҳәм кемшиликлердиң өз ўақтында шешимин табыўына, және, оқыў процеслерине өз нәтийжесин бериўине исенемен,-дейди ҚМУ студенти А.Қалбаев.

Сондай-ақ, республикамыздағы барлық жоқары оқыў орынлары ҳәм профессор-оқытыўшылары менен илимий жумысларды коммерцияластырыў, жас илимпазларды илим менен шуғылланыўға қызықтырыў, өндирис ийелери менен бирге ислесиўди беккемлеў, халықаралық алдынғы тәжирийбелер ҳәм методика бойынша инновациялық инвестицияларды тартыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды.

Және, Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барып атырған жоқары билимлендириў мәкемелериниң 2019-2020-оқыў жылына қабыллаў процесине таярлық жағдайын үйренди. Үйрениў барысында қабыллаў процесин кеўилдегидеў өткериў бойынша ЖОО басшыларына тийисли усыныслар берилди. Соның менен бирге министр И.Мажидов Әжинияз атындағы НМПИдиң жаңадан қурылып атырған имаратлаында алып барылып атырған қурылыс жумыслары менен танысты.

Баспасөз хызмети.

    

Пайдалы дереклер