ҚМУ студенти халықаралық турнир жеңимпазы | | Karakalpak state university

ҚМУ студенти халықаралық турнир жеңимпазы

Россия Федерациясының Красноярск қаласында дзюдо бойынша В.Н.Гулидов естелигине бағышланған халықаралық турнир болып өтти.

Онда Өзбекстан сайланды командасы да мүнәсип қатнасты.

48 килограмм салмақ категориясында татамиге шыққан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Гулнур Муратбаева россиялы ҳәм қазақстанлы палўанларды жеңип, 1-орынды ийеледи. Университетимиздиң студенти Г.Муратбаеваны ерискен табысы менен қутлықлап, оның алдағы абырайлы жарысларда еле де елимиз байрағын көклерге көтере берриўин тилеп қаламыз.

Н.Джанхожаев,

Дене мәденияты факультетиниң Жаслар менен

ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер