https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Шет тиллери факультетинде семинар болып өтпекте | | Karakalpak state university

Шет тиллери факультетинде семинар болып өтпекте

Усы жылдың 21-июнь сәнесинде Шет тиллери факультети немис тили ҳәм әдебияты кафедрасында жоқары окыў орынларында немис тили окытыўщылары ушын “Немис тили шет тили сыпатында инновациялық сабак өтиў» атамасында семинар шөлкемлестирилди.

Онда Германия мәмлекети елшиханасы DAAD лекторы Симон Кречмер ҳәм Гёте институты лекторы Гульрух Рахимовалар немис тили профессор оқытыўшыларына семинар өтти.

Семинарға Нөкис мамлекетлик педагогикалық институтынан немис тили оқытыўшылары, 1-санлы академиялық лицейдиң немис тили оқытыўшылары ҳәм немис тили ҳәм әдебияты кафедрасы питкериўшилери Огулнур Атаева ҳәм Нурсултан Табысқановлар қатнасты.

Еки күн даўам еткен бул семинар немис тили оқытыўшылары ушын үлкен әхмийетке ийе болып, сабақлар жүдә қызықлы темаларда болып өтти. Ең әҳмийетлиси бундай семинарлар оқытыўшылардың шет тилинде сөйлеў әмелиятын арттырыўға ҳәм жаңа интерактив методлардан сабақларда пайдаланыўда жәрдем береди.

М.Аметова,

Немис тили ҳәм  әдебияты кафедрасының үлкен оқытыўшысы.

Пайдалы дереклер