https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
Өзбекстанның Германиядағы елшиханасының ўәкили ҚМУда | | Karakalpak state university

Өзбекстанның Германиядағы елшиханасының ўәкили ҚМУда

Бүгин Өзбекстанда 8 мыңнан аслам немис миллетине тийисли жерлеслеримиз жасамақта. Мәденияты ҳәм дәстүрлерин сақлап, раўажландырыў ушын барлық шараят жаратылған. 400 мыңнан аслам оқыўшы немис тилин үйренбекте. Ташкент, Самарқанд ҳәм Бухарадағы мектеплерге уллы немис илимпазлары менен жазыўшыларының исмлери берилди.

Ташкенттеги Гёте институты, Конрад Аденауэр ҳәм Фридрих Эберт атындағы қорлар Германия академиялық алмасыўлар хызмети (DAAD) ўәкилханалары ҳәм басқа да шөлкемлер халықларымыз арасындағы мәдений-ағартыўшылық байланысларды раўажландырыўға үлес қоспақта. Ташкент қаласында ҳәм бир неше ўәлаятларда бөлимлери болған «Видергебурт» немис мәденият орайы, «Өзбекстан – Германия» дослық жәмийети жумыс алып бармақта.

Ал, Өзбекстанда Германия пуқаралары ушын 30 күнге шекем визасыз режим енгизилгени болса әҳмийетли ўақыя болды. Бул мәмлекетимизди көриўге қызығатуғын туристлер, бизнесин жолға қоятуғын инвесторлар ҳәм басқаларға үлкен қолайлық жаратты.

Усындай өз ара бирге ислесиўдиң даўамы сыпатында усы жылдың 28-июнь сәнесинде Өзбекстанның Германиядағы елшиханасының илим, билимлендириў тараўы бойынша ўәкили Мавлон Мамиров Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болды.

Мийман университет басшылығы тәрепинен жыллы-жүзлилик пенен күтип алынды.

Илажда университеттиң оқыў ислери бойынша проректоры М.Ибрагимов мийманға университет ҳаққында, университеттиң оқыў, илимий, халықаралық ҳәм басқа бағдарларда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мағлыўмат берип өтти.

Мийман М.Мамиров та өз гезегинде университетте немис тилин үйрениў орайын ҳәм немис тили әдебиятлары бойынша китапхана шөлкемлестириў бойынша өз ара келисип алды.

 Сондай-ақ, ўәкил М.Мамиров университеттиң Германияның белгили университетлери, илимий институтлары менен бирге ислесиўди, және профессор-оқытыўшылардың ҳәм студент-жаслардың Германияда билим ҳәм көнликпелерин арттырыўында байланыс орнатып, жақыннан жәрдем бериўге таяр екенлигин билдирди.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер