https://cdc.iainponorogo.ac.id/wp-content/gampang-menang/https://cdc.iainponorogo.ac.id/-/demo/https://kebonagung.pacitankab.go.id/-/gampang-menang/
#OTV_hashar2019  ҚМУда улыўмахалықлық қайырқомлық шембилик шөлкемлескенлик пенен өткерилди | | Karakalpak state university

#OTV_hashar2019  ҚМУда улыўмахалықлық қайырқомлық шембилик шөлкемлескенлик пенен өткерилди

Ең уллы, ең әзиз әййям — Ғәрезсизлик байрамының 28 жыллығын көтериңки руўхта өткериў, елимизде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумысларына айрықша жуўапкершилик сезимин қәлиплестириў, халқымыз арасында миллий қәдириятларымызға тән болған мийрим-шәпәәт ҳәм татыўлықты буннан былай да күшейтиў, бийғәрез жәрдем, мийрим-шәпәәт сыяқлы жақсы пазыйлетлерди жоқарылатыў, жасларымызды жоқары адамгершилик сезимлери руўхында Ўатанға садық ҳәм пидайы етип тәрбиялаў, мәҳәллелерди, халықтың турақ жайларын абаданластырыў ҳәм республиканың барлық аймақларында санитариялық жағдайды жақсылаў мақсетинде 17-18-август күнлери улыўмахалықлық қайырқомлық шембилик республикамыз бойлап шөлкемлескенлик пенен өткерилди.

Бунда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәти де университет ҳәм оған тийисли бина ҳәм имаратлар әтирапларында абаданластырыў, көклемзарластырыў жумысларын шөлкемлескенлик жағдайында алып барды.

Еки күн даўамында университеттиң 1447 профессор-оқытыўшылары, 754 техник хызметкерлер ҳәм 1928 студент-жаслар университет әтирапындағы атызларды жабайы шөплерден тазалаў, тереклерди ҳәклеў, салмаларды тазалаў сыяқлы жумысларды иследи.

Улыўма шембилик даўамында 19,2 гектарға шамалас жерлер абаданластырып, 4,4 километрден аслам салмалар тазаланды. Буннан тысқары, 4573 түптен аслам тереклер ҳәкленип, 2 техника жәрдеминде 22,6 тоннаға жақын шығындылар арнаўлы орынларға шығарылып тасланды.

Шембилик шөлкемлескенлик пенен өткерилди.

Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер